Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында

2022-08-03 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халқымыздың үлкен мәртлиги ҳәм күш-жигери менен 1991-жыл 31-августта қолға киргизилген Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлиги көп мың жыллық тарийхымыздағы умытылмас, қәдир-қымбаты ҳәм әҳмийети жыллар, әсирлер өткен сайын артып баратуғын уллы тарыйхый ўақыя болып табылады.

Миллий ғәрезсизлик ел-журтымыз ушын дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеп, ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийет қурыў, соның ишинде, турмыстың ҳәр қыйлы тараўлары менен тармақларында кең көлемли реформаларды әмелге асырыў ушын беккем негиз жаратып, ерисип атырған барлық табысларымыз бенен шеклеримиздиң тийкарғы дәреги болып келмекте.

Әсиресе, соңғы жылларда, дүньяда коронавирус ҳәм экономикалық кризис, кескин бәсекилик, ҳәр қыйлы қарама-қарсылықлар менен конфликтлер себепли жүзеге келген оғада аўыр ҳәм шийеленискен жағдайда мәрт ҳәм кеңпейил халқымыздың пидәкерлик мийнети менен Жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм оны дүньяға танытыў бойынша әҳмийетли нәтийжелерди қолға киргизип атырғанымыз, бул жетискенликлер халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынып атырғаны, ең тийкарғысы, ўатанласларымыздың ой-санасы, дүнья танымы өзгерип, олар реформалардың нәтийжесин күнделикли турмыста сезип жасап атырғанын айрықша атап өтиў зәрүр.

2022-2026-жылларға белгиленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў ерисилген табысларды беккемлеп, түпкиликли реформалар процесслерин жаңа басқышқа көтериў, инсанның ҳуқықлары менен мәплерин, оның қәдирин, абырайын ҳәм ар-намысын алдыңғы орынға алып шығыў әҳмийетли ўазыйпамызға айланған ҳәзирги ўақытта елимизде тынышлық-турақлылықты сақлаў, мәмлекетимиздиң аймақлық пүтинлигин ҳәм бөлинбеўин, шегараларымызға қол қатылмаслығын тәмийинлеў, миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейиллик ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге умтылыў  көп миллетли халқымызды және де бирлестиретуғын, жоқары шеклерге умтылдыратуғын шексиз күшке айланып бармақта.

Уллы ғәрезсизлигимиздиң халқымыздың, әсиресе, жас әўладтың қәлбинде Ўатанға сүйиспеншилик ҳәм садықлық сезимлерин жетилистириў, елимизди ҳәр тәреплеме еркин, абат ҳәм абадан мәмлекетке айландырыўдағы үлкен әҳмийети менен мазмун-мәнисин есапқа алып және Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллығын мүнәсип күтип алыў ҳәм бул қутлы сәнени жоқары дәрежеде белгилеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша республикалық комиссияның (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) қурамы 1-қосымшаға муўапық;

«Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» деген баслы идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириў-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажлар және үгит-нәсиятлаў жумысларының бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Республикалық комиссия (А.Арипов):

Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың нәтийжели орынланыўы және  Ғәрезсизлик байрамының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ, барлық қала ҳәм районларда, аўылларда кеңнен белгилениўин тәмийинлесин;

барлық аймақларда,  халықтың кең қатламлары арасында Ғәрезсизлик байрамына бағышлап руўхый-ағартыўшылық ушырасыўлар, ашық-айдын пикирлесиў ҳәм сәўбетлесиўлер, әдебий-көркем  кешелер, әҳмийетли темалар бойынша пикир алысыўлар, мәдений илажларды нәтийжели өткериў мақсетинде белгили илимпазлар, дөретиўши зыялылар, мәденият, көркем өнер ғайраткерлеринен ибарат үгит-нәсиятлаў топарлары шөлкемлестирилсин ҳәм олардың анық реже тийкарында жумыс алып барыўын жолға қойсын;

белгиленген илажлар қалай әмелге асырылып атырғаны бойынша ҳәр бир аймақ, министрлик ҳәм уйым басшыларының есабатларын өз мәжилислеринде турақлы тыңлап барсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын байрам бағдарламаларын таярлаўға ғалабалық тамашалар бойынша жоқары шеберликке ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценарист ҳәм режиссёрлар, жазыўшы ҳәм шайырлар, композитор ҳәм балетмейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшылар, мақам ҳәм бақсышылық көркем өнери ўәкиллеринен ибарат дөретиўши топарлар кеңнен тартылсын.
  2. Орынларда Ғәрезсизлик байрамын жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:

кейинги жылларда елимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли демократиялық реформалар, халқымыздың турмысы, қәлбинде ҳәм санасында жүз берип атырған унамлы өзгерислерди тәсирли усылларда сәўлелендириў;

мәмлекетимизде ҳәр түрли миллет ҳәм диний конфессиялар ўәкиллери арасында аўызбиршилик орталығын және де беккемлеў, жәмийетте тыныш-татыў турмысты тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың әҳмийетин терең таллаўлар, анық турмыслық мысаллар жәрдеминде кең жәмийетшиликке жеткериў;

бүгинги тыныш ҳәм еркин турмысты қәдирлеп, шүкиршилик сезими менен жасаўға, инсан қәдирин улығлаўға шақыратуғын руўхый-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў;

халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын жақсылаў, жаслар, ҳаял-қызлар, кексе әўлад ўәкиллери, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларға турақлы итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиўге қаратылған бағдарламаларымыздың унамлы нәтийжелерин көрсетиў;

байрам мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыс ветеранлары, кексе әўлад ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў, «Темир дәптер»ге, «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген және жәрдемге мүтәж инсанлардың жағдайынан хабар алыў, оларға бийғәрез жәрдем бериўге байланыслы илажларды әмелге асырыў.

  1. Мәденият министрлиги (О.Назарбеков):

Республикалық  Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы (М.Ҳожиматов) ҳәм Жазыўшылар аўқамы (С.Саидов) менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Ташкент қаласында Ғәрезсизлик байрамына бағышланып өткерилетуғын театрластырылған концерт тамашасының бағдарламасын ҳәм сценарийин ислеп шықсын;

бул концерт тамашасын тәжирийбели дөретиўшилер және жоқары маманлықтағы қәнигелерди тартқан ҳалда, жоқары идеялық-көркем дәрежеде таярлаў илажларын көрсин.

  1. Мәденият министрлиги (О.Назарбеков), Республикалық Көркем өнер академиясы (А.Нуриддинов), Жазыўшылар аўқамы (С.Саидов) Өзбекстан Журналистлер аўқамы (О.Ўсаров), «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик аўқамы (И.Латипов)тийисли шөлкемлер менен биргеликте «Ең уллы, ең әзиз», «Реңлер жилўасында – ана дияр», «Ўатан ушын жасайық!» cыяқлы дәстүрий таңлаўларды жоқары дәрежеде өткериўди тәмийинлесин.
  2. Өткерилетуғын байрам илажлары:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда жергиликли бюджетлер ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан;

Ташкент қаласында – Республикалық комиссия тәрепинен тастыйықланған қәрежетлер сметасына муўапық республикалық бюджет ҳәм Ташкент қалалық жергиликли бюджетиниң қаржылары есабынан тең үлеслерде қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кучимов), «Дүнья» мәлимлеме агентлиги (С.Суяров) Өзбекстан Миллий медиа ассоциациясы (Ш.Қудратхужа) басқа да ғалаба хабар қуралларына Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамына таярлық көриў және оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 1-август

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться