Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан президентлери еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады
2022-07-21 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-июль күни Шолпаната қаласында өткерилген Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳман менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў тийкарында жақсы қоңсышылық, стратегиялық бирге ислесиў қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери талқыланды.
Саўда, санаат, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт ҳәм логистика тараўларында қоспа жойбарларды алға қойыў ҳәм әмелий шерикликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги