Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти регионда көп тәреплеме бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыўды усыныс етти

2022-07-21 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың мирәт етиўине бола 20-21-июль күнлери Шолпаната қаласында болды.

21-июль күни Шолпаната қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының төртинши Мәсләҳәт ушырасыўы болып өтти.

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың басшылығындағы саммитте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов қатнасты.

Регионаллық қәўипсизликке заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте илажлар көриў бағдарындағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери, Орайлық Азия мәмлекетлериниң турақлы экономикалық өсиўин тәмийинлеў, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў мақсетинде регионаллық шерикликти кеңейтиў перспективалары додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бул форматта жолға қойылған турақлы сөйлесиў себепли Орайлық Азияда дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўге, пүткиллей жаңа конструктивлик бирге ислесиў орталығын жаратыўға ерискенин атап өтти.

– Орайлық Азияның қәўипсизлиги ҳәм турақлылығын, избе-из социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў бойынша қыйын ўазыйпаларды избе-из шешип киятырмыз, – деди Өзбекстан Президенти.

Бул бағдарда көплеген тосқынлықлар сапластырылды, пуқараларымыздың еркин ҳәрекетлениўи, жедел мәдений ҳәм туристлик алмасыўлардың әмелге асырыўы ушын шараятлар жаратылды. Өз-ара саўда ҳәм инвестициялардың өсиўине хызмет етип атырған қолайлы орталық қәлиплестирилди.

Регион мәмлекетлери санаат кооперациясы бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыўға киристи, нәтийжели қосымша қун шынжырын жаратпақта, транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасын раўажландырмақта.

– Ең әҳмийетлиси – барлық унамлы өзгерислерди дос халықларымыз сезбекте, – деди мәмлекетимиз жетекшиси.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы дүнья жүзиндеги қыйын жағдай регионымызға да тиккелей тәсир көрсетип атырғанын атап өтти.

Халықаралық үгит-нәсиятлаўдың ақыбетлерин прогнозлаў қыйын болған жедел трансформациясы бақланбақта. Дүнья глобаллық көлемде қарым-қатнас ҳәм исеним жетиспеўшилиги артып баратырғанының гүўасы болмақта.

Жәҳән экономикасындағы кризисли ҳәдийселердиң күшейгени нәтийжесинде мәмлекетлеримиз дәстүрий логистика шынжырлары үзилиўи машқаласына дус келмекте, инфляция импорты артпақта, азық-аўқат ҳәм энергетикалық қәўипсизликке қәўип-қәтерлер есесине көбейди.

– Бундай шараятта Мәсләҳәт ушырасыўлары форматы шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўди муўапықластырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў зәрүрлиги және де артпақта, – деди Шавкат Мирзиёев. – Айрықша атап өтемен, пүткил регионның тынышлығы, турақлылығы ҳәм абаданлығы беккем бирлесиўимизге, Орайлық Азияның улыўма мәплерин қорғаў бойынша қатаң илажлар көриўге таяр болыўымызға байланыслы.

Өзбекстан Президенти әҳмийетли мәселелер бойынша көзқарасын билдирди ҳәм көп қырлы қатнасықларды және де беккемлеў ҳәм регионда әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған бир қатар усынысларды алға қойды.

Унамлы пәтке қарамастан, мәмлекетлеримиздиң саўда-экономикалық бирге ислесиў потенциалы әмелге асырылмай атырғаны атап өтилди. Бүгин регион ишиндеги саўда үлесине ҳәр қыйлы есап-санақларға бола, мәмлекетлеримиз арасындағы улыўма товар алмасыўдың 5 процентинен 10 процентине шекем туўра келмекте.

Усы мүнәсибет пенен өз-ара саўданы хошаметлеўдиң жаңа түри ҳәм механизмлерин жедел енгизиў усыныс етилди. Товар жеткерип бериўдиң қағыйдалары бирдей етилген ҳәм тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылған шегара алды саўда зоналары системасын жаратыў усылардың қатарына киреди.

Мәмлекетимиз басшысы үшинши мәмлекетлерден импорттың орнын регион мәмлекетлеринде ислеп шығарылған өнимлер менен басыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы ҳәрекетлерди жеделлестириўге шақырды.

Санаат кооперациясы бойынша қоспа жойбарларды алға қойыў және бир әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Президентимиз индустриал раўажланыў миллий бағдарламалары тийкарында Орайлық Азия локализациялаў ҳәм импорттың орнын басыў орталығын қәлиплестириўге улыўма көзқарасларды ислеп шығыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Өзбекстан жетекшиси экономика тармақларын санластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратыўға шақырып, бул өнимниң өзине түсер баҳасын  азайтыў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде тиккелей аймақлараралық бирге ислесиў потенциалынан кеңирек пайдаланыў ҳәм ҳәр жылы Орайлық Азия аймақлары форумын өткериўди алға қойыў усыныс етилди.

Шавкат Мирзиёев региондағы бирге ислесиўшилерге жақында Өзбекстанның басламасы менен қабыл етилген БМШ Бас Ассамблеясының Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳаққындағы арнаўлы резолюцияны қоллап-қуўатланғаны ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм бул басламаның даўамы сыпатында Ҳиндистан, Пакистан ҳәм Қытай базарларына шығыў ушын альтернатив транспорт коридорларын алға қойыў бойынша «жол картасы»н ислеп шығыўды усыныс етти.

Қатнасыўшылардың итибары азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша биринши гезекте Орайлық Азияның улыўма мәплеринен келип шыққан ҳалда системалы жумысларды жолға қойыў кереклигине қаратылды.

Усы мақсетте Президентимиз халықты мәмлекетлеримизде жетерли көлемде ислеп шығарылып атырған кең түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеўдиң комплексли схемасын биргеликте ислеп шығыўды усыныс етти.

Экология тараўындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Шериклерге итибарды Өзбекстан тәрепинен ислеп шығылған «Орайлық Азия ушын «Жасыл» күн тәртиби» бағдарламасы шеңберинде экономиканы карбонсызландырыў, альтернатив энергетиканы раўажландырыў ҳәм өз-ара электр энергиясын жеткериўди шөлкемлестириў, суўды үнемлейтуғын ҳәм экологиялық таза технологияларды кеңнен енгизиў, сондай-ақ, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелерине қаратыў усыныс етилди.

Президентимиз «жасыл раўажланыў» мәселелеринде Орайлық Азия мәмлекетлери бүгин жәҳәнниң жетекши регионларынан бираз арқада екенин өкиниш пенен атап өтти.

– Мәмлекетлеримиздиң узақ мүддетли келешекте бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў ушын ҳүкиметлерди бүгин қабыл етилип атырған бағдарламаны әмелге асырыў бойынша Анық илажлар режесин таярлаўды тапсырыў зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Регион мәмлекетлериниң дос халықларын және де жақынластырыў мақсетинде улыўма тарийхымызды терең үйрениў, мәденият, билимлендириў, спорт ҳәм туризм тараўларында қоспа бағдарламаларды әмелге асырыў зәрүр.

Усы мәнисте, Президентимиз Орайлық Азия мәденият, көркем өнер ҳәм кино фестивалын гезекпе-гезек өткерип барыўды усыныс етти.

Арнаўлы туризм маршрутлары ҳәм өнимлерин ислеп шығыў, бирден-бир пиар-кампанияларды өткериў арқалы регион ишиндеги туризмди жедел хошаметлеўимиз керек екени атап өтилди.

Жасларға байланыслы сиясаттың улыўма бағдарлары ҳаққында көп тәреплеме келисим таярлаў басламасы алға қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы қәўипсизлик тараўындағы регионаллық бирге ислесиўдиң стратегиялық бағдарларына айрықша итибар қаратты.

– Айрықша атап өтемен, регион қәўипсизлиги бөлинбейтуғын ҳәм, бәринен бурын, шериклигимиз қәншелли нәтийжели жолға қойылғанына байланыслы, – деди Шавкат Мирзиёев. – Усы мәнисте экстремизм ҳәм терроризм, шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм наркотрафик сыяқлы дәстүрий қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде әмелий бирге ислесиўимизди буннан былай да күшейтип барыўымыз зәрүр.

Мәмлекетимиз басшысының пикиринше, көлеми барған сайын артып атырған Интернеттеги нызамсыз ҳәрекетлерге байланыслы жаңа қәўип-қәтерлер айрықша итибарды талап етпекте.

Аўғанстанда узақ мүддетли тынышлықты тәмийинлеўге ҳәм оның социаллық-экономикалық тиклениўине жәрдемлесиў мәселелеринде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў биз ушын ең әҳмийетли тийкарғы бағдар болып қалыўы керек екени атап өтилди.

Регион мәмлекетлери бул мәмлекеттиң ең жақын қоңсылары сыпатында ондағы турақлылықтан биринши гезекте өзлери мәпдар болыўы керек, деди Өзбекстан жетекшиси.

Бул мәмлекет пенен саўда байланысларын жедел раўажландырыў, оны региондағы экономикалық процесслерге тартыў, аўған халқына гуманитарлық жәрдемди кеңейтиў, әҳмийетли социаллық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Президентимиз сөзиниң жуўмағында Мәсләҳәт ушырасыўының нәтийжелери мәмлекетлеримиз арасында стратегиялық шериклик ҳәм исенимди беккемлеўге хызмет ететуғынына, әмелий бирге ислесиў бойынша қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыўға күшли пәт бағышлағанына исеним билдирди.

Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Қырғызстан Президентлери өзлериниң шығып сөйлеген сөзлеринде бундай турақлы ушырасыўлардың үлкен әҳмийетин айрықша атап өтип, регионда дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге қаратылған бир қатар басламаларды алға қойды.

Саммит жуўмағында XXI әсирде Орайлық Азияны раўажландырыў жолындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды. Мәмлекет басшылары Шолпаната Мәсләҳәт ушырасыўының биргеликтеги билдириўи, 2022-2024-жылларда регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша жол картасы, «Орайлық Азия ушын «Жасыл» күн тәртиби» регионаллық бағдарламасы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң көп тәреплеме форматлар шеңбериндеги бирге ислесиў концепциясын қабыл етти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў тийкарында жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.

Саўда, санаат, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт ҳәм логистика тараўларында қоспа жойбарларды алға қойыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери әҳмийетли регионаллық мәселелер бойынша да пикир алысты.

Соның менен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының төртинши Мәсләҳәт ушырасыўы жуўмақланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться