Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Пахташылық ҳәм тоқымашылықтың раўажланыўы ушын жаңа имканиятлар белгиленди

2022-06-29 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 28-июнь күни пахта өнимдарлығын арттырыў ҳәм тоқымашылық өнимлериниң экспортын көбейтиў илажлары  бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Тоқымашылық тармағы ҳәм шийки зат, ҳәм экспорт, ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен потенциалға ийе. Тек ғана илимге тийкарланып нәтийжелиликти арттырыў, улыўма етип айтқанда, «истиң көзин билиў» керек.

Соның ушын Президентимиздиң басламасы менен бул тараўда толық кластер системасы енгизилди. Кейинги үш жылда пахта-тоқымашылық кластерлерине 23 триллион сумнан аслам жеңиллетилген қаржылар ажыратылды. Буннан тысқары, олардың өзлери де дерлик 7 триллион сум жеке инвестицияларға жумсаған.

Усы система нәтийжесинде 350 ге шамалас ири фабрикалар иске қосылды. Өндирис көлеми 2016-жылға салыстырғанда 5 есеге артты, экспорт болса 4 есеге өсип, дерлик 3 миллиард долларға жетти.

Бес жыл алдын елимизде жетистирилген пахта талшығының дерлик 40 проценти қайта исленген болса, бүгинги күнде 100 процент өзимизде қайта исленбекте.

Көлеми бойынша айтқанда, жәми қуўатлылықлар 1 миллион 300 мың тоннаға жетти. Бирақ 1 миллион тонна талшық ислеп шығарылмақта. Яғный, ҳәзирдиң өзинде 300 мың тонна талшық жетиспей атыр. Келеси бес жылда бул талап және 600 мың тоннаға артыўы күтилмекте.

Ийирилген жипти таяр өнимге шекем қайта ислеў дәрежеси де төмен – 23 процент. Бул жылына 9 миллиард доллар дәрамат қолдан кетпекте, дегени.

Сондай-ақ, бүгинги күнде тоқымашылық тармағында 400 мың адам мийнет етпекте. Егер пүткил система илим ҳәм заманагөй технологиялар тийкарында дурыс шөлкемлестирилсе, жумыс орынларын 1 миллионға жеткериў мүмкин.

Сол себепли мәжилисте илимге тийкарланған туқымгершилик ҳәм агротехнологиялар есабынан пахта өнимдарлығын арттырыў, талшықты терең қайта ислеп, тараўдың экспортын 2 есеге көбейтиў имканиятлары додаланды.

Бизге белгили, буның ушын, бәринен бурын, турақлы ҳәм сапалы шийки зат керек. Бирақ оны жетистириўдиң өзи болмай атыр. Илимпазларымыз жаратқан 100 центнерге шекем өним беретуғын пахта сортлары орынларға жеткерилмей атыр.

Кейинги жылларда күндизги ҳәм түнги температура бир қыйлы болып қалып атырғаны, жаңа түрдеги жәнликлердиң көбейип атырғаны усы шараятқа шыдамлы сортларды көбейтиўди талап етпекте. Ғаўашаға төгин бериўди өзгертиў, гербицид ҳәм пестицидлерди де тәртипте салыў зәрүр.

Соның ушын мәмлекетимиз басшысы Президент жанында инновациялық раўажланыў министриниң басшылығында Пахташылық кеңесин шөлкемлестириў усынысын билдирди.

Бул кеңес ҳәр жылы өнимдарлы ҳәм ерте писетуғын сортларды аймақлар кесиминде көбейтиў ҳәм егиўди ҳәр бир кластер бойынша белгилеп береди, климат ҳәм температура өзгерислерине сай болған төгин бериў схемасын ислеп шығады, гребицид ҳәм пестицидлер қолланыўды тәртипке салады. Сондай-ақ, жәнликлерге қарсы гүресиў бойынша ҳәр бир аймаққа сәйкес агротехнологияларды ислеп шығады. Буның ушын бул кеңес жанында илимий орай да шөлкемлестириледи.

Президент ҳәр бир кластерде туқымгершилик, топырақ анализи ҳәм биолабораториялар ҳәм төгин таярлаў цехларының болыўы зәрүр екенин атап өтти.

Суўды үнемлеў мәселесине тоқтап өтилди. Кейинги еки жылда елимизде 169 мың гектар пахта майданларында тамшылатып суўғарыў енгизилген. Бирақ көп кластерлер, әсиресе, фермерлер оны жолға қойыўға қыйналмақта. Себеби қәрежети қымбат.

Егер тараўда еркин бәсеки болса, илим менен бейимлессе, тамшылатып суўғарыўды енгизиў қәрежетин гектарына 15-20 миллион сумға түсириў мүмкин екени айтылды. Соның ушын, электрон порталға ҳәмме тәмийнатшыларды киргизип, суўды үнемлейтуғын технологиялардың баҳасы ҳәм хызметлердиң сапасын баҳалап баратуғын ашық-айдын система жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Кластерлер жумысының ҳуқықый кепилликлери күшейтилетуғыны, бир районда көби менен 2 кластер шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.

Мәжилисте таяр өним ислеп шығарыў ҳәм экспорт көлемин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда исбилерменлерге кеңнен шараят жаратып бериў ушын өз алдына индустриал зоналардың шөлкемлестирилиўи белгиленди. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине усы комплекслерди басқарыўға сырт ел компанияларын ҳәм өндириске абырайлы брендлерди тартыў ўазыйпасы қойылды.

– Пахтамызға бойкот бийкар етилгенинен кейин, сырт ел компаниялары жергиликли кәрханалар менен бирге ислесиўге, миллий өнимлеримизге үлкен қызығыўшылық билдирмекте. Егер, аймақларымызға брендлер алып кирилмесе, жергиликли өнимлеримиз жәҳән базарында бәсекиге шыдамлы болыўы қыйын, – деди Шавкат Мирзиёев.

Боялған трикотаж таўар ҳәм гезлеме экспорт етиўшилерге 10 процентке шекемги муғдарда субсидия берилиўи, сырт елге таяр өним жеткерип бериў ушын, буйыртпаға тийкарланып, өз алдына авиарейслер жолға қойылатуғыны атап өтилди. Брендлер ушын зәрүр болған фурнитура ҳәм аксессуарлар ислеп шығарыў бойынша тапсырмалар берилди.

Тоқымашылық кәрханаларын қоллап-қуўатлаў механизмлериниң буннан былай да кеңейтилетуғыны белгиленди. Соның ишинде, Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен экспортшы кәрханаларға айланыс қаржы ушын 5 миллион долларға шекем ресурслар дифференциалластырылған тәртипте ажыратылады. Сырт елде қоймаханаларды ижараға алыў қәрежетлерин қаплап бериў ушын шекленген майдан 100 квадрат метрден 500 квадрат метрге арттырылады. Бул мақсетлер ушын Экспортты хошаметлеў агентлигине 100 миллион доллар ажыратылады.

Мәмлекетимиз басшысы тоқымашылық кәрханалары финанслық есабат бойынша халықаралық стандартларға өтиўи зәрүр екенин атап өтти.

– Бул дүнья базарына шығыў, сырт ел брендлери менен ислесиў ҳәм тиккелей кредитлер тартыўға тийкар жаратады, – деди Президент.

Тоқымашылық кәрханаларын шийки зат пенен үзликсиз тәмийинлеў илажлары да көрсетип өтилди. Пахта талшығы ҳәм ийирилген жипти биржаға турақлы шығарыў, олар ушын төлем системасын жетилистириў бойынша усыныслар берилди.

Тараў ушын салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилиги де жеңиллестирилетуғыны, атап айтқанда, шийки зат бажыхана аймағында қайта ислеў тәртибиниң әпиўайыластырылатуғыны атап өтилди.

Кадрлар таярлаў мәселесине де итибар қаратылды. Тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институты ҳәм Өзбекстан – Корея тоқымашылық технопарки бир пүтин система тийкарында ислеп, жаңа оқыў жылынан «дуал» билимлендириў системасының енгизилиўи айтылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша Бас министрдиң орынбасарлары, тармақ жуўапкерлери, ҳәкимлер ҳәм исбилерменлердиң пикирлери тыңланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться