Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Суўдан пайдаланыў тараўындағы жойбарлар таныстырылды

2022-06-09 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 8-июнь күни суў сақлағышларды модернизациялаў ҳәм Сурхандәрья ўәлаятында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў жойбарларына байланыслы презентация менен танысты.

Дәрья ҳәм сайлардың суўы ҳәм аўыл хожалығы, ҳәм энергетика, ҳәм халық турмысы ушын әҳмийетли дәрек. Мәмлекетимизде бул баҳалы жемис қәстерлеп сақланып, халықтың мәпине қаратылмақта.

Усы мақсетте 2017-жылы Президент пәрманы менен «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийети шөлкемлестирилген еди. Өткен жылы және 4 суў сақлағыш усы жәмийет басқарыўына өткерилди ҳәм олар 6 ға жетти. Сырт ел компанияларын тартқан ҳалда ҳәр бир суў сақлағыштың техникалық жағдайы үйренип шығылды ҳәм кешиктирип болмайтуғын оңлаў илажлары белгиленди. Оған муўапық, бөгетлер, суў алыў ҳәм шығарыў имаратлары оңланбақта, насос агрегатлары тикленбекте.

Презентацияда усы жумыслар ҳәм алдыңғы ўазыйпалар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиз басшысы барлық суў сақлағышларды модернизациялаў арқалы қәўипсизликти арттырыў, гидромеханикалық үскенелер ҳәм өлшеў қурылмаларын жаңалап, системаны санластырыў бойынша көрсетпелер берди.

Бул арқалы барлық жумыс процеси акционерлик жәмийеттиң ситуациялық-таллаў орайына онлайн жалғанады ҳәм жылына қосымша 120 миллион киловатт-саат электр ислеп шығарыў имканияты жаратылады.

Буннан тысқары, Ҳисорак ҳәм Аҳангаран суў сақлағышларында жыллық 22 миллион киловатт саат қуўатлықтағы 2 жаңа киши ГЭС қурылады.

Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлигине суў сақлағышлардың жағдайын мониторинг етип, космослық сүўретлер ҳәм мағлыўматлар менен тәмийинлеў тапсырылды.

Киши гидро электр станцияларының қурылысына жеке меншик секторды тартыў, жоқары мағлыўматлы ҳәм орта буўын қәнигелерин таярлаў ўазыйпалары да көрсетип өтилди.

Халықтың турмыс сапасы ҳәм саламатлығы факторларынан бири – таза ишимлик суўы. Бирақ ҳәзирги күнде Сурхандәрья халқының тек ғана 58 проценти орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген. Ўәлаяттың қубла районлары ҳәм Термиз қаласында суў минерализациясы жоқары.

Соның ушын Президентимиз өткен жылы Тўпаланг суў сақлағышынан тармақ тартыў басламасын алға қойған еди. Бул бойынша жойбар ислеп шығылып, иске кирисилди. Ҳәзирги күнге шекем 47 километр қубыр тартылып, ишимлик суўы Сариосиё орайына шекем алып барылды. Жылдың ақырына шекем Денау ҳәм Шоршы районларына жеткериў режелестирилген.

Жойбарға бола, бир суткада 200 мың куб метр суў тазалаў имараты, дерлик 400 километр магистрал қубыр тартылады. Нәтийжеде аймақ халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў 90 процентке жетеди.

Мәмлекетимиз басшысы оның ушын район ҳәм мәҳәллелер ишиндеги қубырларды да тиклеў, жаңа тармақлар қурыў ҳәм сапалы хызметти жолға қойыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться