Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти ҳәм БМШ Бас хаткериниң биринши орынбасары мәмлекетимизде Турақлы раўажланыў мақсетлериниң әмелге асырылыўын додалады
2022-06-09 | Сиясат
8-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетимизде сапар менен болып турған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң биринши орынбасары Амина Муҳаммад пенен ушырасыў өткерди.
Дүньяның бас халықаралық шөлкеми делегациясы қурамындағы ушырасыўда БМШ Европа экономикалық комиссиясының басшысы Ольга Алгаерова ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы координаторы Роли Астхана да қатнасты.
Мәмлекетимизде Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў шеңберинде БМШтың институт ҳәм орайлары менен көп қырлы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Делегация басшысы Өзбекстан жетекшисине шөлкем Бас хаткери Антониу Гутерриштиң қызғын сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди. Атап өтилгениндей, БМШ мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған ашық ҳәм прагматикалық сиясатты, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған ҳәм 2030-жылға шекем турақлы раўажланыў тараўындағы глобал күн тәртибиниң тийкарғы ўазыйпаларына толық сәйкес болған түпкиликли реформалар бағдарламасын жоқары баҳалайды.
Бүгинги күнде Өзбекстан БМШтың барлық структуралары менен жедел бирге ислеспекте – биргеликте ҳәр қыйлы бағдарларда 200 ден аслам жойбарлар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң ағзасы.
Кейинги жыллары Өзбекстанның басламасы менен шөлкем Бас Ассамблеясының бир қатар әҳмийетли арнаўлы резолюциялары қабыл етилди. Буннан тысқары, экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәрияланған Аралбойы регионы бойынша БМШ Траст фонды шөлкемлестирилди.
БМШ Раўажланыў бағдарламасы, Европа экономикалық комиссиясы, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, ЮНЕСКО, ЮНИДО, ФАО, глобал шөлкемниң басқа да структуралары менен әмелий бирге ислесиў кеңеймекте.
Ушырасыўда жедел сөйлесиў ҳәм алмасыўларды даўам еттириў, Өзбекстанда Турақлы раўажланыўдың, бәринен бурын, халықтың турмыс сапасын жақсылаў ҳәм абаданлығын жоқарылатыўға қаратылған тийкарғы мақсетлериниң орынланыўын тәмийинлеў ушын бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм биргеликтеги илажларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Кәмбағаллықты қысқартыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларында кең көлемли реформаларды әмелге асырыў, гендер теңлик бойынша миллий стратегияны әмелге асырыў, «жасыл» энергетиканы жедел раўажландырыў, инновациялар ҳәм санлы технологияларды енгизиў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм басқа да мәселелер және бир мәрте шерикликтиң тийкарғы тараўлары сыпатында атап өтилди.
Халықаралық сиясат мәселелери ҳәм регионаллық машқалалар бойынша да пикир алысылды.
БМШ Бас хаткериниң биринши орынбасары Амина Муҳаммад Орайлық Азия мәмлекетлери регионда дослық, жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеўде үлкен табысларға ерискенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Өзбекстанның Аўғанстанда турақлы тынышлықты тәмийинлеўге ҳәм бул мәмлекеттиң социаллық-экономикалық тиклениўине, соның ишинде, ири транспорт ҳәм энергетика жойбарларын әмелге асырыў арқалы жәрдемлесиў бағдарындағы ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлады.
Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасының Бирлескен Миллетлер Шөлкеми институт ҳәм структуралары менен кең көлемли бирге ислесиўин қабыл етилген «жол карта»лары тийкарында және де раўажландырыў бойынша биргеликтеги илажлар комплексин әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги