Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Мектеплерди питкериўши ул-қызларымызға

2022-05-25 | Жаслар

Қәдирли мектеп питкериўшилери!

Сизлерди мектеп билимлендириўин табыслы тамамлап, еркин өмирге – өмириңиздиң және де әжайып ҳәм жуўапкершиликли басқышына қәдем таслап атырғаныңыз бенен шын жүректен қутлықлайман.

Елимиздеги барлық улыўма билим бериў дәргайларында «соңғы қоңыраў»лар жаңлап, қәдирли мектебиңиз, меҳрийбан устазларыңыз бенен хошласыў илажлары өткерилип атырған усы қуўанышлы ҳәм оғада толқынландыратуғын демлерде бәршеңизге алдағы өмирде үлкен табыслар ҳәм әўметлер тилеймен.

Үмит ҳәм исеним нышаны болған жетиклик аттестатлары бәршеңизге мүбәрек болсын!

Әзиз балаларым!

Быйыл республикамызда 390 мыңнан аслам оқыўшы-жаслар улыўма билим бериў мектеплерин питкермекте. Өзиниң билим ҳәм қәбилетин Ўатанымызға ҳәм халқымызға мүнәсип перзент болыўдай уллы мақсетлерге жумсаўға таяр турған сиздей талпыныўшаң ҳәм умтылыўшы перзетлеримиз – бизиң исенимимиз ҳәм сүйенишимиз, Жаңа Өзбекстанның алтын фонды, бийбаҳа ғәзийнеси болатуғынына беккем исенемен.

Бүгин елимиздиң мектеп питкериўшилери менен бирге олардың ата-аналары, устаз-муғаллимлери ушын да умытылмас күн болып табылады. Усы қуўанышлы әййямда оларды да шын жүректен қутлықлап, бәршесине ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

Кейинги жылларда мектепке шекемги билимлендириў, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў сапасы бойынша кескин өзгерди. Әсиресе, мектеп билимлендириўин раўажландырыў улыўма халықлық ҳәрекетке айланып, бул бағдарда түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытта елимизде 10 мыңнан аслам мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеплери менен бирге көплеген мәмлекетлик емес, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик түриндеги мектеплер, Президент, қәнигелестирилген ҳәм дөретиўшилик мектеплери жумыс алып барып атырғаны бул системада қысқа мүддетте терең структуралық ҳәм сапа өзгерислери жүз берип атырғанын көрсетеди.

Тек ғана өткен жылы 3,3  триллион сум қаржы есабынан 789 мектепте қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Халықаралық пән олимпиадаларында оқыўшыларымыз қолға киргизген медальлар саны 3 есеге, регионаллық олимпиадаларда болса 2 есеге көбейгени, «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде 900 мыңнан аслам оқыўшы програмаластырыў тийкарларын үйренип. сертификатқа ийе болғаны бәримизди қуўандырады.

Пүткил өмирин жас әўладтың тәрбиясына бағышлаған жанкүйер оқытыўшылар, устаз-муғаллимлердиң мийнетин мүнәсип хошаметлеў, олардың мийнет ҳақысын ҳәм турмыс шараятын жақсылаў, жәмийеттеги абырай-итибарын арттырыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында мектеп билимлендириўи ушын оқыў бағдарламалары ҳәм сабақлықлары жаңаланбақта. Әсиресе, улыўма билим бериў мектеплери ушын 326 атамадағы оқыў-методикалық топламлар, муғаллимлердиң китабы ҳәм шынығыў дәптерлери жаратылғаны әҳмийетли қәдем болды.

Елимиздеги барлық мектеплер жоқары тезликтеги оптикалық талшықлы интернет тармағына жалғанып, локал тармақ және Wi-Fi үскенелери орнатылды.

Сондай-ақ, ҳәзирги тыныш емес заманда перзентлеримизди руўхый жетик, шын мәниде ўатансүйиўши инсанлар етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратпақтамыз. Кең көлемли руўхый-ағартыўшылық илажлар әмелге асырылмақта, жасларымыз арасында китапқумарлықты күшейетиў, оларды әдебият, көркем өнер ҳәм спорт дөгереклерине еле де жедел тартыў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.

Әзиз перзентлерим!

Кейинги ўақытта халқымыз, әсиресе, өсип-өнип киятырған сиз сыяқлы жасларымыз ушын Өзбекстан үлкен имканиятлар мәмлекетине айланып бармақта. Республикамызда жумыс алып барып атырған 162 жоқары оқыў орны, көплеген кәсип-өнер мектеплери, колледж ҳәм техникумлар келешекте сизлердиң өзиңиз таңлаған тараўлар бойынша жетик кадр ҳәм маман қәниге болыўыңызға хызмет етеди.

Сондай-ақ, 78 жоқары оқыў орнында өндиристен ажыралмаған ҳалда оқып, жоқары мағлыўмат алыў және аралықтан билим алыў тәризинде кадрлар таярлаў системасы жолға қойылды.

Питкериўши жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 2016-жылдағы 9 проценттен быйыл 38 процентке жеткерилди.

Елимизде жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған оқыўшылар және социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ перзентлери, майыплығы болған балалар ушын профессионал билимлендириў системасында айырықша имканиятлар жаратылмақта.

Бул туўралы сөз болғанда, 2020-2021-оқыў жылында колледж ҳәм техникумларға төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген 1157, 2021-2022-оқыў жылында болса 1433 оқыўшы қабыллаў параметрлеринен тысқары қосымша мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етилгенин атап өтиў керек.

Сизлер де, әне, усындай имканиятлар тийкарында жетик қәнигелер болып келешекте елимиздеги заманагөй кластерлер, фермер хожалықлары, өндирислик кәрханалар, үлкен-үлкен қурылыслар, фирма ҳәм компаниялар, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, мәдений ҳәм дөретиўшилик жәмәәтлеринде жумыс баслайтуғыныңызға ҳәм Ўатанымыздың раўажланыўы, халқымыздың абаданлығын арттырыўға, әлбетте, мүнәсип үлес қосатуғыныңызға беккем исенемен.

Жуўмақлап айтқанда, метепти питкерип атырған жигит-қызларымыздың ҳәр бири ел-журтымыздың меҳир-итибарында болады. Бул бағдарда орынларда ўәлаятлық, қалалаық ҳәм районлық ҳәкимликлер, сектор басшылары, мәҳәлле жәмийетшилиги, ата-аналар ҳәм муғаллимлериңиз бенен биргеликте сизлерге жақын көмекши ҳәм мәсләҳәтши болады.

Мине усындай қуўанышлы демлерде сиз, әзиз перзетлеримди мектеп билимлендириўин табыслы тамамлап, өмириңизде дәслепки әҳмийетли асыўдан асқаныңыз бенен және бир мәрте қутлықлайман.

Ҳеш қашан умытпаң, келешекте сизди үлкен ҳәм жуўапкерли бәйгилер күтпекте. Алдыңызғы анық мақсет қойып, бар күш-ғайратыңыз, билим ҳәм потенциалыңыз бенен ҳәрекет етсеңиз, гөзлеген шоққыларға әлбетте, ерисесиз.

Бәршеңизге жумысларыңызда ҳәм оқыўларыңызда, жеке өмириңизде үлкен табыслар ҳәм әўметлер тилеймен.

Бәрқулла аман-саў болың!

Умтылып, изленип жасаўдан ҳасла тоқтамаң!

Бахыт ҳәм әўмет ҳәмийше жолдасыңыз болсын, әзиз ул-қызларым!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти     

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться