Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Президент жанында ғәллешиликтеги реформалардың ең әҳмийетли басқышына бағышланған мәжилис басланды
2022-05-12 | Сиясат
«Көрип турсызлар, дүнья базарларында азық-аўқаттың баҳалары күн сайын жоқары пәтлер менен өспекте.
Бүгинги күнде халықаралық биржаларда 1 тонна бийдай 400 доллардан сатылмақта ҳәм жыл басына салыстырғанда 30 процентке қымбатлады.
Бундай жағдайда баҳаның турақлылығын тәмийинлеўдиң бирден-бир дурыс жолы бул – фермерлердиң мәпдарлығын тәмийинлеў, зүрәәтлиликти арттырыў арқалы базарда усынысты көбейтиў болып есапланады.
Бул ушын ғәллешиликте базар механизмлерин толық енгизиў зәрүр.
Биз бул реформаларға узақ таярлық көрдик. Барлық мәселелерди пухта есап-санақ етип, бул жумысларды басқышпа-басқыш әмелге асырып келмектемиз», деди мәмлекет басшысы мәжилис басында.
Тараўда жеке секторға кеңнен жол ашылғаны нәтийжесинде оның үлеси барған сайын артып атырғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, кейинги үш жылда аймақларда қуўатлылығы дерлик 3 миллион тонна болған 160 тан аслам ири жеке меншик дән кәрханалары жумыс баслады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги