Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Электр техникасы санаатын раўажландырыў илажлары додаланды
2022-05-06 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 6-май күни электр техникасы санаатын раўажландырыў бойынша мәжилис өткерди.
Кейинги бес жылда бул тармақта 465 миллион доллар инвестиция өзлестирилип, 163 жаңа жойбар иске қосылған. Өндирис көлеми 4 есеге, экспорт болса 3 есеге артқан. Ең әҳмийетлиси, жумыс орынларының саны 2 есе көбейип, 32 мыңға жеткен.
Соның менен бирге, бул тараўда толық пайдаланылмай атырған имканиятлар еле көп. Раўажланыў стратегиясында 2026-жылға шекем электротехника өнимлерин ислеп шығарыў көлемин және 2 есеге, экспортты 3 есеге арттырыў мақсети белгиленген.
Мәжилисте бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.
Атап айтқанда, усы 250 миллион долларлық 86 жойбардың иске қосылыўы режелестирилген. Мәмлекетимиз басшысы халықтың талабы ҳәм импорт қурамын үйренип, соған сәйкес өнимлер ислеп шығарыў, ўәлаятлар кесиминде жаңа жойбарларды қәлиплестириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Елимизде жаңа кәнлер таўылып, мыс резерви кеңейтилмекте. Келеси жыллары мыс ислеп шығарыў көлемин 2 есеге арттырыў есап-санақ етилген. Оған тийкарланып, Оҳангарон районындағыы жаңа мыс кластеринде 168 миллион долларлық 12 жойбар шеңберинде 90 мың тонна мысты қайта ислеў қуўатлылығы жаратылады. Бул кластерге ағза кәрханаларға мысты узақ мүддетли контракт тийкарында, биржа баҳаларынан шегирмелер менен сатып алыў имканияты бериледи.
Президентимиз бул кластердиң шөлкемлестириў, қаржылық тәреплери бойынша көрсетпелер берди.
Ҳәммемизге белгили, елимизде альтернатив энергетика раўажланбақта. Бул тараўдағы жаңа жойбарларда кеминде 1 миллиард долларлық комплектлеўши бөлеклерге талап бар. Соннан пайдаланып, локализациялаўды кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Социаллық мәкемелерде альтернатив энергияда ислейтуғын суў ысытыў системалары ҳәм көшелерде қуяштан қуўатлылық алатуғын жақтыландырыў үскенелерин орнатыў бойынша айрықша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Электр техникасы тараўында экспорт имканиятлары да үлкен. Мәселен, бизге қоңсы мәмлекетлер ҳәр жылы көп миллиард долларлық электротехника өнимлерин сатып алады. Бирақ, онда Өзбекстанда ислеп шығарылған товарлар үлеси үлкен емес.
Бул тармақта экспорт көлемин усы жылы 700 миллион долларға, келеси жылы болса 1 миллиард долларға жеткериў имканияты бар екенлиги көрсетип өтилди. Усы мақсетте турмыслық техника мысалында бажыхана аймағында қайта ислеў системасын жолға қойыў тапсырмасы берилди.
Тараўға инновацияларды енгизиў ҳәм экспортты кеңейтиў ушын Электротехника қорына 20 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.
Жуўапкер уйымларға ишки базарға сапасыз өнимлер кирип келиўиниң алдын алыў, турмыслық техникалар маркировкасы системасын енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы жанында Жойбарлаў ҳәм инжиниринг орайы, «Электроаппарат», «Технопарк», «Артел», «Өзкабель» кәрханалары тийкарында излениў ҳәм раўажландырыў орайлары (Research and development) шөлкемлестирилип, оларға маман сырт елли ҳәм жергиликли қәнигелерди тартыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәжилисте кадрлар мәселесине де итибар қаратылды. Келеси үш жылда тармақ ушын 4 мың жоқары ҳәм 14 мың орта мағлыўматлы қәниегелер таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине электротехника бойынша оқыў бағдарламаларын қайта көрип шығып, жетилистириў ўазыйпасы қойылды. Ташкент қаласындағы Радиотехника колледжи, Самарқанд ҳәм Шыршық хызмет көрсетиў техникумлары, Ферғана электротехника колледжи «Өзэлтехсанаат» ассоциациясына бириктирилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги