Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Фармацевтика тармағындағы көрсеткишлер талқыланып, қосымша ўазыйпалар белгиленди
2022-04-13 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 12-апрель күни фармацевтика тармағын раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Усы жыл 21-январьда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-2026-жылларда фармацевтика тармағын жедел раўажландырыўға байланыслы пәрманы қабыл етилген еди. Оған бола, жергиликли дәри препаратларын ислеп шығарыў көлемин 3 есеге арттырыў, ишки базарды тәмийинлеў дәрежесин натурал көлемде 80 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылған.
Мәжилисте усы бағдарда басланған жумыслар, тармақтағы жойбарлардың жағдайы талқыланды.
Мәмлекетимизде жылына 1 миллиард 600 миллион долларлық фармацевтика өнимлери пайдаланылады. Соннан үлкен бөлеги – дерлик 1 миллиард 200 миллион долларлық өним импорт етилмекте.
Аймақлар кесиминде алғанда, локализациялаў дәрежеси пүткиллей қанаатландырарсыз. Қашқадәрья, Сурхандәрья, Хорезм, Бухара ҳәм Ферғана ўәлаятларында пайдаланылатуғын дәриниң тек 2-5 проценти жергиликли өндириўшилердиң үлесине туўра келеди.
Сонлықтан, Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигинде жойбарлар менен ислесиў системасын жаңадан енгизиў ўазыйпасы қойылды. Дәри препаратларына талапты үйренип, оларды локализациялаў илажлары белгиленди.
Атап айтқанда, усы жылдың өзинде 80 миллион долларлық 34 жойбар режелестирилген. Жуўапкерлерге бул бойынша исбилерменлерге жәрдемлесип, жойбарларды өз ўақтында иске қосыў бойынша тапсырмалар берилди. Ири сырт ел компаниялары менен сөйлесиўлер өткерилип, олардың брендлерин тартыў зәрүрлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Инвестициялар жойбарлаў орайы тәрепинен және 18 перспективалы жойбар ислеп шығылған. Мәмлекетимиз басшысы оларды Ҳиндстан, Германия, Түркия, Қытай, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлердиң көомапниялары менен биргеликте шөлкемлестириў бойынша усыныслар берди. Жаңа жойбарларды қаржыландырыў және айланба қаржылар ушын 200 миллион доллар кредит ресурслары тартылатуғын болды.
Тармақтағы экспорт мәселеси додаланып, оның үлкен бөлеги Ташкент қаласы, Ташкент ҳәм Сырдәрья ўәлаятларынан болып атырғаны, қалған аймақларда бул көрсеткиш бираз төмен екени көрсетип өтилди. Жаңа жойбарлардың нәтийжесинде фармацевтика өнимлериниң экспортын кескин арттырыў мүмкин екени атап өтилди.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигине елимизде талап жоқары болған 120 түрдеги дәри препаратларын жергиликли ислеп шығарыўшылардан 3 жыл мүддетке кепилликли сатып алыў бойынша көрсетпе берилди. Бунда, әсиресе, онкология, гемотология, эндокринология ҳәм вируслы кеселликлер ушын дәрилердиң баҳаларын арзанлатыў керек екени атап өтилди.
Мәжилисте жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Бүгинги күнге шекем дәри ҳәм медициналық қуралларды ислеп шығарыў ушын қосымша қун салығынан азат етилетуғын шийки затлардың дизими бес уйым тәрепинен тастыйықланатуғын еди. Енди бул дизим үш – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Бажыхана комитети ҳәм Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги тәрепинен тастыйықланатуғыны белгиленди.
Сондай-ақ, енди жергиликли компаниялардың «GMP» сертификатын алыўға байланыслы қәрежетлери Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги тәрепинен қаплап бериледи. Кәрханаларды модернизациялаўды қаржыландырыў Тиккелей инвестициялар қорының қатнасыўында әмелге асырылады.
Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм ўәлаят ҳәкимлерине 80 районды дәрилик өсимликлерди жетистириўге бейимлестирип, плантациялар шөлкемлестириў тапсырылды.
Бул тәжирийбени кеңейтиўде кооперация ҳәм шаңарақлық исбилерменлик ушын нәзерде тутылған барлық жеңилликлер ҳәм қаржыландырыў тәртиплери енгизиледи.
Атап өтилгениндей, дәрилик өсимликлерди қайта ислейтуғын кәрханалар 2025-жыл 1-январьға шекем үскене ҳәм аўысық бөлеклер, шийки зат импортында бажыхана бажысынан азат етиледи. Оларға таяр өнимлер экспорты ушын транспорт қәражетлериниң 50 процентине шекемги бөлеги қаплап бериледи, ҳәр 10 гектар плантацияларға суў шығарыў ушын 600 мың сумнан субсидия ажыратылады, дәрилик өсимликлер плантацияларына басқа түрдеги аўыл хожалығы егинлерин жайластырыўға жол қойылмайды.
Мәмлекетимиз басшысы дәрилик өсимликлер кластерлерин шөлкемлестириў, аймақлардағы жоқары оқыў орынларында фармацевтика бойынша факультетлер ашыў усынысларын қоллап-қуўатлады.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер, тараўдағы жетекши кәрханалардың басшылары ҳәм дәрилик өсимлик жетистириўши исбилерменлер шығып сөйледи. Президентимиз олардың усыныслары менен басламаларын әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берди.
Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı