Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти Әзербайжан Парламенти баслығын қабыллады

2022-04-01 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев  1-апрель күни елимизде сапар менен болып турған Әзербайжан Республикасы Миллий Межлиси Баслығы Соҳиба Гафарованы қабыл етти.

Парламент басшысы Өзбекстан жетекшисине шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Әзербайжан Президенти Илҳам Әлиевтиң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда улыўма тарийхый тамырлар, бир дин, тамырлас тил, мәденият, дәстүр ҳәм қәдириятлар мәмлекетлеримиздиң стратегиялық шериклигиниң тийкары болып хызмет етип атырғаны атап өтилди. Усы  беккем тийкарға сүйенген ҳалда кейинги жылларда еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўда сезилерли нәтийжелерге ерисилди.

Бирге ислесиўдиң барлық тараўларында – экономика, сиясат, парламентлераралық байланыслар, мәденият ҳәм социаллық тараўда табысларға ерисилмекте. Барлық дәрежелерде жедел сөйлесиўлер, рәсмий делегациялар, бизнес ҳәм жәмийетлик ўәкиллердиң өз-ара сапар етиўлери даўам еттирилмекте.

Кейинги жылларда, пандемияға қарамастан, товар алмасыў 4 есеге артты. Усы жылдың басынан саўда 25 процентке артты. Еки жүзден аслам қоспа кәрхана шөлкемлестирилген.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан парламентлери арасында тығыз ҳәм көп қырлы шериклик жолға қойылғаны да усы унамлы нәтийжелерге хызмет етти. Буны буннан былай да раўажландырыў ушын еки мәмлекеттиң нызам шығарыўшы уйымларының системалы ҳәм нәтийжели байланысларын беккемлеў зәрүр.

Соның менен бирге Өзбекстан ҳәм Әзербайжан халықларының тиккелей ўәкиллери сыпатында «халық дипломатиясын» илгери сүриўде, соның ишинде, аймақлар арасындағы байланысларды беккемлеўде, экономикалық ҳәм гуманитарлық жойбарларды қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли орын ийелеўи керек.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться