Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Арал теңизиниң қурыған түбинде тәжирийбе-сынаў жумыслары басланды
2022-03-25 | Экология
Президентимиздиң усы жылдың 23-24-февраль күнлери республикамызға сапары ўақтында берилген тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Арал теңизиниң қурыған түбинде кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
-Атап айтқанда, топырақ-климат шараятына бейимлескен егинлердиң майданын кеңейтиў, аймақта жерден пайдаланыў өнимдарлығын арттырыў, суўды үнемлейтуғын ҳәм дузды азайтатуғын технологияларды енгизиў нәзерде тутылмақта,-дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы директорының илим ҳәм өндирис бойынша орынбасары Камалатдин Идирисов.- Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Геномика ҳәм биоинформатика орайы, Биоорганикалық химия институты және Генетика ҳәм өсимликлердиң экспериментал биологиясы институтының илимпазлары тәрепинен Аралбойы халықаралық инновация орайы менен биргеликте Арал теңизиниң қурыған түбиндеги 6 орында тәжирийбе-сынаўын өткериў режелестирилген.
Усы жылдың 17-18-март күнлери белгиленген орынларда Биоорганикалық химия институты илимпазлары тәрепинен ислеп шығылған «Биосолвент»-шорланған топырақтағы дузларды нәтийжели жуўыў препараты менен қайта исленди. Шорланыўға қарсы усы препаратты қолланыў арқалы тәжирийбе тийкарында топырақ-климат шараятымызға бейимлескен 15 түрдеги егин егиледи ҳәм тәжирийбе-сынаў жумыслары алып барылады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги