Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Инвесторлар ушын қолайлы ҳәм тартымлы шараят жаратыўға қаратылған әмелий жумысларымызды және де жеделлестиремиз

2022-03-24 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң биринши халықаралық инвестиция форумының ашылыў мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Ҳүрметли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди – биринши Ташкент халықаралық инвестиция форумының барлық қатнасыўшыларын миймандос Өзбекстан үлкесинде қызғын қутлықлаўға руқсат еткейсиз.

Бүгинги әнжуманымызда халықаралық шөлкемлер ҳәм финанс институтлары және дүньяның жетекши қомпанияларының басшыларын, мәмлекетимиздиң тийкарғы шериклери болған мәмлекетлердиң жоқары дәрежедеги ўәкиллерин көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Өзбекстанға хош келдиңиз!

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Өзбекстан үлкесин көп әсирлер даўамында дүньяның ҳәр қыйлы регионларындағы саўдагерлер, исбилерменлер итибарын өзине тартып келген. Уллы жипек жолының орайында жайласқан елимиз әййемнен Азия, Европа ҳәм Африка континентлериниң кәрўан жоллары тутасқан аймақ сыпатында белгили болған. Қытай, Ҳиндстан, Иран, Византия, Египет сыяқлы еллерде қәлиплескен цивилизация ҳәм мәденият үлгилери мине усы әййемги Мәўереннаҳр, ҳәзирги Өзбекстан аймағында ушырасып, бир-бирин өз-ара байытып келген. Соның нәтийжесинде 3 мың жыллық мәмлекетшилик тарийхына ийе болған мәмлекетимиз узақ дәўир даўамында дүньяның саўда, экономика, илим, мәденият ҳәм көркем өнер жоқары раўажланған орайларынан бири болып хызмет еткен.

Бул тарийхый үлкеден жетисип шыққан уллы илимпаз ҳәм ойшыллар, дүньялық ҳәм диний илимлердиң уллы ўәкиллери ҳәзирги күнде де пүткил инсаниятқа хызмет етип атырған теңсиз ойлап табылыўлар ҳәм бийбаҳа шығармалар жаратып, оларды дүнья халқына мийрас етип қалдырған. Мысал ушын, ҳәзирги дәўирде де әҳмийетли болған «карантин» түсинигин Европада «Авиценна» аты менен танылған бабамыз, уллы шыпакер Әбиў Әлий ибн Сина буннан мың жыл бурын биринши болып әмелиятқа енгизгени тарийхтан жақсы белгили.

Заманагөй инновациялық  ҳәм блокчейн технологиялары ҳәм жасалма интеллект  тийкарын қурайтуғын алгоритм атамасы және бир уллы бабамыз – Муҳаммед Хорезмий аты менен баланыслы екенинен сизлер хабардарсыз, әлбетте.

Белгили мәмлекетлик ғайраткер, соның менен бир қатарда, уллы астроном болған Мырза Улығбек болса XV әсирде-ақ  Самарқандта обсерватория қурдырып, мыңнан аслам жулдызлардың ең дурыс координаторларын анықлап, илимниң раўажланыўына теңсиз үлес қосқан.

Жоқары сана ийеси болған және онлаған ўатанласларымыздың өтмиште физика, геодезия, химия, философия ҳәм тарийх, архитектура, сүўретлеў өнери, динтаныў ҳәм басқа да бағдарларда жаратқан илимий ойлап табыўлары ҳәзирги заманда да өз әҳмийети ҳәм баҳасын жойытпай киятырғаны, айрықша итибарлы.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Ҳәзирги күнде Өзбекстан өзиниң географиялық жайласыўына бола, Арқа ҳәм Батысты, Қубла ҳәм Шығысты магистраль транзит коридорлары арқалы байланыстырып туратуғын Орайлық Азия регионының тийкары болып есапланады.

Биз «Уллы өтмиштен – уллы келешекке қарай» принципи тийкарында экономикалық-социаллық раўажланыўымызды жедел даўам еттирмектемиз.

Буннан 5 жыл бурын биз Ҳәрекетлер стратегиясын қабыл етип, оның шеңберинде кең көлемли демократиялық реформаларды әмелге асырыў жолын таңладық. Бул реформалар бағдарламасы мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң барлық тараўларын қамтып алған, нызам үстинлигин тәмийинлеў, бәсекини раўажландырыў, коррупцияға қарсы кескин гүрес алып барыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларды өзинде жәмлеген.

Биз, биринши гезекте, алдын инвесторлардың Өзбекстан базарына кириўи ҳәм еркин жумыс ислеўине тосқынлық еткен барлық факторларды сапластырып, исбилерменлик ушын қолайлы шараятлар жарата басладық.

Бириншиден, 2017-жылы миллий валютамыз – сумның еркин конвератациясын енгизип, сырт ел инвесторлары тәрепинен пайданы репатриациялаўға байланыслы барлық шеклеўлерди алып тасладық.

Банк ҳәм ири кәрханаларамыз биринши мәрте халықаралық рейтинглер алып, жәҳән финанс базарларына шықты. Дүнья базарларына миллий валютамызда да халықаралық облигациялар шығарылды.

Соның менен бирге, биз банк-финанс тараўындағы реформаларымызды системалы түрде даўам еттириў зәрүр екенлигин, әлбетте, жақсы түсинемиз.

Екиншиден, елимизде ашық-айдынлық сиясатын тәмийинлеў ушын 90 сырт ел пуқаралары ушын Өзбекстанға визасыз кириў имканиятын жараттық. Және 60 қа шамалас мәмлекет пуқараларына болса жеңиллестирилген тәртипте виза алыў имканияты берилди.

Бул көрсеткишлер бойынша Өзбекстан региондағы ең ашық мәмлекет статустын қолға киргизгени бүгин ҳәш кимге сыр емес.

Үшиншиден, коррупцияға қарсы гүресиў Өзбекстанда мәмлектлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарына айланды. Бул бағдардағы ҳәрекетлеримизди әмелге асырыў мақсетинде өз алдына Агентлик шөлкемлестирилди.

Бул тараўда баслаған жумысларымызды даўам еттирип, экономикада ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы қатаң гүрес алып барыў және де күшейтилмекте.

Төртиншиден, елимизде жасап атырған ҳәр бир инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин кепиллеў ҳәм толық қорғаўды да ең тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиледик.

Еки жыл бурын Өзбекстанда Инсан ҳуқықлары миллий стратегиясы қабыл етилди ҳәм тарийхта биринши мәрте мәмлекетимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары кеңесине ағза етип сайланды.

Өзбекстанды нызам ҳәм әдиллик беккем орнатылған декмократиялық мәмлекетке айландырыў, еркин ҳәм күшли суд-ҳуқық системасын қәлиплестириў – ең уллы мақсетлеримизден бири сыпатында күн тәртибине қойылды.

Бесиншиден, реформаларымыздың әҳмийетли бағдары сыпатында мәмлекетте пуқаралық жәмийетин раўажландырыў ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў, демократиялық медиа мәкан жаратыў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

Ғалаба хабар қуралларын «төртинши ҳәкимият»қа айландырыў, мәмлекетлик уйымлардың жәмийет алдындағы есап бериўин арттырыў бойынша сезилерли нәтийжелерге ерисилмекте. Бул бағдардағы ең әҳмийетли жетискенлигимиз сонда – биз жәмийетимизде «жабықлық орталығы»нан қутылып, Жаңа Өзбекстанның тийкарын мине усы еркинлик ҳәм әдиллик принциплери тийкарында қурмақтамыз.

Алтыншыдан, көп жыллар даўамында мәмлекетимизди ҳәр қыйлы «қара дизим»лерге киргизилиўи ушын себеп болған мәжбүрий мийнет, соның ишинде, балалар мийнети толық сапластырылды. Оның тән алыныўы сыпатында жақында халықаралық Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң коалициясы – «Cotton Campaign» ҳәм дүньядағы белгили брендлер тәрепинен Өзбекстан пахтасы ҳәм тоқымашылық өнимлерине алдын орнатылған бойкот бийкарланды.

Жетиншиден, биз реформаларымыздың биринши күнинен баслап билимлендириў ҳәм инсан капиталын раўажландырыўға айрықша итибар берип келмектемиз.

Кейинги 5 жылда елимизде 21 мыңнан аслам жаңа мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери шөлкемлестирилип, усы дәргайларда тәрбияланып атырған балаларымыздың қамтып алыныўы 27 проценттен 67 процентке көтерилди.

Буннан тысқары, 200 ге шамалас жаңа мектеплер қурылды, 3 мыңнан артық мектеплер болса реконструкцияланды ҳәм толық үскенеленди.

Бул өткен қысқа дәўирде 82 жаңа университет ҳәм институт, соның ишинде, 23 сырт ел жоқары оқыў орны шөлкемлестирилип, жоқары билимлендириў дәргайларының улыўма саны 159 ға жетти. Нәтийжеде мектеп питкериўшилериниң жоқары билимлендириў менен қамтып алыныў дәрежеси алдынғы 9 проценттен 28 процентке жеткерилди ҳәм бул бағдардағы жумысларымыз даўам еттирилмекте.

Барлық тараўларда болғаны сыяқлы денсаўлықты сақлаў системасында да әҳмийетли реформалар избе-из алып барылмақта. Емлеўханалар ҳәм тез медициналық жәрдем пунктлерин дәри-дәрмақ ҳәм зәрүр қураллар менен тәмийинлеў мақсетинде мәмлекет тәрепинен ажыратылған қаржылар муғдары өткен дәўирде 12 есеге көбейтилди.

Сегизиншиден, елимизде әмелге асырылып атырған салық сиясаты да бизнес тараўын хошаметлеўге хызмет етпекте.

Кейинги жыллары салықлардың улыўма санын 13 тен 9 ға түсирдик. Мүлк, жеке дәрамат ҳәм социаллық салық ставкалары еки есеге азайтылды. Соның меен бирге, импорт бойынша 6 мыңға шамалас бажы ставкалары да азайтылды. Сондай-ақ, өткен 5 жыл ишинде 200 ге шамалас лицензия ҳәм руқсатнамалар бийкарланды ямаса әпиўайыластырылды.

Исбилерменлик субъектлериндеги салық жүгин және де азайтыў ҳәм салық ҳәкимшилигин жетилистириўге қаратылған илажлар системалы түрде даўам еттирилмекте.

Тоғызыншыдан,  Өзбекстанда «бир айна» принципи тийкарында сырт ел инвесторлары менен ислесиў бойынша пүткиллей жаңа система енгизилип, инвесторларға ҳәр тәреплеме жәрдем беретуғын, барлық аймақлар менен тармақларды қамтып алған Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң жумысы жолға қойылды. Нәтийжеде экономикамызға тартылған жыллық сырт ел инвестициялары көлеми  3,5 есеге артып, кейинги  5 жылда олардың улыўма баҳасы 25 миллиард долларды қурады. Соның есабынан 59 мың инвестициялық жойбар әмелге асырылғаны елимизде 2,5 миллионнан артық жаңа жумыс орынларын жаратыўға мүнәсип үлес болып қосылды.

Сондай-ақ, тоқымашылық, былғары аяқ кийим, фармацевтика, электротехника, химия ҳәм нефть-химия, қурылыс материаллары, азық-аўқат санаатлары ҳәм басқа да көплеген тараўлардағы қайта ислеў дәрежесин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға және экспортттың жыллық көлемин дерлик 20 миллиард долларға жеткериўге еристик.

Оныншыдан, еки жыл алдын мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте кәмбағаллықты сапластырыўды Ҳүкимет сиясатының тийкарғы мақсетлериниң бирине айландырдық.

Бул бағдарда айрықша Стратегия қабыл етилип, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги шөлкемлестирилди. Нәтийжеде қысқа дәўирде ярым миллионнан аслам шаңарақты жәрдемге мүтәжлер қатырынан шығарыўға еристик.

Улыўма алғанда, 5 жыл даўамындағы ҳәрекетлеримиз өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте. Бул пикирди реформаларымыздың дәслепки жылларында-ақ экономикамыздың жыллық орташа өсиўи – 5 процентти, өндирис тараўында болса – 8 процентти қурағаны да тастыйықлайды. Алтын-валюта резервлеримиз 27 миллиард доллардан 35 миллиард долларға жетти.

Ҳәтте коронавирус пандемиясы ҳәўиж алған 2020-жылы да елимиз жалпы ишки өниминиң өсиўинде унамлы динамика сақлап қалынғаны, 2021-жылы болса оның өсиў пәти 7 проценттен артқаны реформалар жолының дурыс таңланғанынан дәрек болып, бизди жаңа әмелий шеклерге ийтермелемекте.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Мәмлекетимиздеги 5 жыллық реформалар процесиниң ең әҳмийетли жетискенлиги сыпатында бир пикирди толық исеним менен айтыў мүмкинҮ Өзбекстанда реформалар артқа қайтпайтуғын анық түс алғаны реал ҳақыйқат.

Жақында биз келеси  5 жылға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын қабыл еттик. Бул Стратегия  «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин»  деген принцип тийкарында ислеп шығылған болып елимизде еркин пуқаралық жәмийети ҳәм инсан капиталын раўажландырыў, исбилерменлик жумысын және де хошаметлеў, инвесторлардың ҳуқықларын қорғаў, жеке мүлкке қол қатылмаслықты ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларға қаратылған.

Стратегиямыздың мақсети – мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң барлық тараў ҳәм бағдарлдарында «Инсан қәдири ушын»  идеясын турмыста қолланыўды нәзерде тутады.

Бул бағдарлар төмендегилерден ибарат.

Биринши бағдар – елимизде экономикалық ҳәм сиясий турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған илажларды избе-из даўам еттириў.

Соның ишинде, кең көлемли ҳәкимшилик реформаларды әмелге асырыў ҳәм санластырыўды енгизиў арқалы бизнес ушын және де қолайлы шараят жаратыў, мәмлекетлик басқарыў системасының нәтийжелилигин арттырыў арқалы исбилерменлерге жәрдем беретуғын ықшам ҳәм жоқары нәтийжели ҳүкимет системасын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Екинши бағдар  – мәмлекеттиң экономикадағы роли ҳәм үлесин кескин қысқартыў.

Халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел консалтинг компанияларының жәрдеминде мәмлекетлик активлерди меншиклестириў арқалы 2026-жылға шекем эксклюзив ҳуқықларды бийкарлаў ҳәм  мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестриў есабынан 25 тен артық жумыс түрлери бойынша монополиялар сапластырылады, коммерциялық банклерде трансформация процесслери даўам еттирилип, банк активлеринде жеке меншик сектордың үлеси 60 процентке жеткериледи, мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың саны кеминде 3 есеге қысқартылады.

Пурсаттан пайдаланып, форумда қатнасып атырған сиз, ҳүрметли инвесторлар ҳәм исбилерменлерге ашық-айдынлық ҳәм бәсеки принциплери тийкарында өткерилетуғын меншиклестириў процесслеринде кеңнен қатнасыўыңыз ушын барлық шараятлар жарататуғынымызды атап өтпекшимен.

Үшинши бағдар – мәмлекетимизде инфраструктураны жедел даўам еттириў.

Өзбекстанда сырт ел инвесторлары менен биргеликте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик мезханизмин енгизип, энергетика, транспорт, денсаўлықты сақлаў, билимлендииў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм жол қурылысы тараўларында улыўма баҳасы 15 миллиард долларлық 200 ден аслам жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Барлығыңызды бул процесслерде белсене қатнасып, өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыўға мирәт етемиз.

Төртинши бағдар –  экономикамызды санаатластырыў шеңберинде бай шийки зат резервлеримизди терең қайта ислеў арқалы жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў.

Хабарыңыз бар, Өзбекстан көплеген пайдалы қазылмалар резерви бойынша дүньяның жоқары орында туратуғын 20 мәмлекеттиң қатарына киреди. Соның ишинде, мәмлекетимиз алтынның ресурс базасы бойынша – 2-орынды, мыс бойынша – 7, вольфрам бойынша – 8, гүмис бойынша – 9, уран бойынша 12-орынды, тәбийғый газ ислеп шығарыў тараўында болса 16-орынды ийелейди.

Мине, усындай бай шийки зат рерурсларын терең қайта ислеген ҳалда, ендиги 5 жылда химия ҳәм газ-химия, мысты қайта ислеў, электроника, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм көплеген басқа тараўларда 120 миллиард долларлық инвестицияларды тартыў бойынша анық жойбарлар ислеп шығылған.

Бесинши бағдар – инсан капиталына инвестиция киргизиў.

Келеси  5 жылда мектепке шекемги билимлендириў тараўында – 7 мыңнан аслам жаңадан мәкемелер шөлкемлестириў арқалы қамтып алыў дәрежеси ҳәзирги 67 проценттен 80 процентке жеткериледи, мектеп билимлендириў системасы ушын оқыў бағдарламалары ҳәм сабақлықлар алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында толық қайта исленеди ҳәм қосымша 1 миллион 200 мың оқыўшы ушын жаңа мектеплер қурылады, жоқары билимлендириў тараўындағы қамтып алыў дәрежеси 50 процентке жеткериледи.

Биз профессионал билимлендириў системасын алдынғы халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў, сондай-ақ, жоқары мағлыўматлы қәнигелерди заман талапларынан келип шығып, экономикамыздың мүтәжликлери ушын IT ҳәм инженерлик бағдарларына қәнигелестириўди тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиледик.

Мәселен, Бирлескен Араб Әмирликлери ҳүкимети менен биргеликте әмелге асырылып атырған «Бир миллион программист» жойбары усы бағдардағы әмелий ҳәрекетлеримиздиң үлгиси. Мақсетимиз –экономикамыздың «драйвер» тармақларын жетик ҳәм маман қәнигелер менен толық тәмийинлеўден ибарат.

Өзбекстан ҳәзирги күнде экономикалық ресруслар менен бирге үлкен инсаный потенциалға, заманагөй билим ҳәм шет тиллерди пуқта өзлестирген жаңа әўлад кадрларына ийе. Бул бизиң ең үлкен байлығымыз болып есапланады.

Алтыншы бағдар – елмизде сыртқы саўданы және де еркинлестириў, экспорт ҳәм импорт жумыслары ушын қосымша қолайықлар жаратыў.

Өзбекстан жақын жылларда жәҳән саўда шөлкемине толық ағза болыў ушын анық қәдемлер қоймақта. Ҳәзирдиң өзинде республикамызда өним ислеп шығарыўшылар еркин саўда арқалы  280 миллион тутыныўшысы болған регионаллық базарларға шығыў имканиятына ийе.

Буннан тысқары, Европа Аўқамының кеңейтилген преференциялар системасы «GSP+» шеңберинде Өзбекстаннан 6 мыңнан аслам өним түрлерин Европа базарына жеңиллетилген шәртлерде экспорт етиў мүмкин.

Сондай-ақ, миллий экспортшыларымызға қосымша имканиятлар жаратыў ушын ҳәзирги ўақытта Ҳиндстан, Түркия, Корея Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлер менен жеңиллетилген ҳәм еркин саўда келисимлерине қол қойыў бойынша анық илажлар көрилмекте.

Транспорт коридорларын диверсификациялаў мақсетинде Өзбекстанда ислеп шығарылған өнимлерди Трансаўған темир жолы арқалы Қубла Азияға, «Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай» темир жолы арқалы Азия-Тыныш Океаны регионына және Қубла Кавказды кесип өтетуғын мультимодал транспорт коридоры арқалы Европа еллерине жеткериў ушын иманиятлар жаратыў бойынша да әмелий ҳәрекетлер алып барылмақта.

Жетинши бағдар – мәмлекетимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў, бизнес орталығын және де жақсылаў.

Бул тараўдың раўажланыўы ушын әмелий усынысларды ислеп шығыў мақсетинде 2022-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң мәжилисерин турақлы өткерип барыў жолға қойылады.

Сондай-ақ, краутсорсинг платформасы ҳәм заманагөй санлы шешимлерден пайдаланған ҳалда барлық тармақлар ҳәм аймақлардағы инвесторлар ҳәм исбилерменлер менен тиккелей сөйлесиў өткериў әмелиятын даўам еттиремиз.

Бизиң елимизде 20-август сәнеси Исбилерменлер күни сыпатында белгиленген. Мине, усы күни Президенттиң исбилерменлер менен тиккелей ушырасыўы болып өтеди. Мен бүгинги әнжуманда қатнасып атырған барлық инвесторлар ҳәм исбилерменлерди болажақ, мине, усындай сөйлесиўде өзлерин қызықтырған сораў ҳәм усыныслары менен қатнасыўға қанаатланыўшылық пенен мирәт етемен.

Улыўма алғанда, әмелге асырылатуғын реформаларымыз нәтийжесинде келеси 5 жылда жалпы ишки өним көлемин 100 миллиард долларға, жыллық экспорт көлемин болса 30 миллиард долларға жеткериў нәзерде тутылған. Жеке меншик сектордың жалпы ишки өнимдеги үлеси 80 процентке жеткериледи.

Биз Өзбекстанның 2030-жылға барып халқы ортадан жоқары дәрамат алатуғын мәмлекетлер қатарынан орын алыўына ерисиўди анық мақсет етип қойғанбыз.

Қәдирли дослар!

Соңғы жыллар дүньяда жүз берип атырған пандемия сынақлары, экономика тараўындағы қыйыншылықлар ҳәм басқа да машқалалар бизди стандарт емес илажлар көриўге, жаңа жағдайда ислеў ҳәм нәтийжеге ерисиўге үйретпекте.

Дүньядағы бүгинги қурамалы жағдайда да Өзбекстан – жасаў ҳәм ислеў ушын тыныш ҳәм қәўипсиз мәкан сыпатында танылғанын ҳеш ким бийкарлай алмайды. Биз инвесторлар ушын ең қолайлы ҳәм тартымлы шараятлар жаратыў бойынша ҳәрекетлеримизди және де жеделлестиремиз.

Реформаларды әмелге асырыў процесиндеги ең қурамалы ўазыйпа – бул тек ғана нызамшылықты өзгертиў ямаса ҳәр қыйлы стратегияларды ислеп шығыўдан ибарат емес. Булар әлбетте әҳмийетли, бирақ ең тийкарғысы – адамлардың дүньяқарасы ҳәм пикирин өзгертиў екенин, мен ойлайман, дүньядағы барлық реформаторлар тән алса керек.

Бүгин бул залда Өзбекстан Республикасы Президенти командасының ағзалары – министрлер, уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң басшылары да қатнаспақта. Олардың барлығы жоқарыда атап өтилгениндей, жоқары тәжирийбели қәнигелер, заманагөй дүньяқарасқа ийе, жаңа Өзбекстан ўәкиллери болып, бул Форумға таярлық шеңберинде меннен анық тапсырмалар алған. Бул басшылар Форумға келген Сиз, ҳүрметли мийманларымыз бенен әмелий ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди орнатыў, жаңа жойбарларды ислеп шығыў, ең әҳмийетлиси – инвесторлар ҳәм исбилерменлерге ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратыў ушын турақлы ислесиўге таяр.

Сондай-ақ, Форум жумысында сырт ел шериклеримиз бенен жаңа бирге ислесиў байланысларын орнатыўға таяр болып турған Өзбекстанның жетекши тармақ бирлеспелери, жеке меншик компаниялар ҳәм кәрханалардың басшылары да қатнаспақта.

Форум шеңберинде сизлрдиң итибарыңызға Өзбекстанда өз бизнесиңизди нәтийжели жүргизиўиңиз ушын шараятлар ҳәм жаңа перспективалар ҳаққында кеңнен мағлыўмат беретуғын 30 дан аслам илажлар менен бир қатарда, 200 ден артық тартымлы жойбарлар бойынша усыныслар да бериледи.

Ҳүрметли инвесторлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Ҳәммемизге белгили, ҳәзирги заман пүткил дүнья экономикасының санластырыў процесине өтип атырған, «жасыл» технологиялар ҳәм инновациялық раўажланыў ҳәр қандай тараў ҳәм бизнес раўажланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе болып атырған бир дәўир болып есапланады. Бизнес ҳәм исбилерменлик, халықаралық экономикалық байланыслар ушын теңсиз имканиятлар ашылып атырған, мине, усындай шараятта сизлерди әййемги цивилизация ҳәм мәденият дәргайы болған ҳәзирги күнде жаңаланыў ҳәм реформалар жолынан исенимли баратырған Жаңа Өзбекстан менен әмелий бирге ислесиў орнатыўға мирәт етемен.

Сизлердиң мәмлекетимизде табыслы жумыс алып барыўыңызды тәмийинеў – Өзбекстан Президенти ҳәм Ҳүкимети тәрепинен кепилленеди.

Барлығыңызды үлкен ҳәм бирдей мақсетлерди әмелге асырыў, өз-ара пайдалы шериклик байланысларымызды жаңа, және де жоқары басқышқа көтериў ушын жедел әмелий ҳәрекетлерге шақыраман.

Әнжуманымыздың барлық қатнасыўшыларына Форум нәтийжелери бойынша әҳмийетли ҳәм нәтийжели келисимлерге ерисиўди, келешектеги жумысларында болса жаңа жетискенлик ҳәм табыслар яр болыўын тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться