Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Жоқарғы Кеӊесте қабыллаў

2022-03-24 | Мәденият

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов 23-март күни Россия мәмлекетлик Третяков галереясы директоры Трегулова Зельфира Исмаиловнаны қабыллады.

Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов Третяков галереясы директорын республикамызға сапары менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы мәдений байланысларды беккемлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде елимизде бир қатар жойбарлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

Третяков галереясы директоры Трегулова Зельфира жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына өз миннетдаршылығын билдирип, бәҳәр ҳәм жаңаланыў байрамы-Наўрыз бенен шын кеўилден қутлықлады.

Қабыллаўда И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи коллекцияларын үйрениў ҳәм оларды халықаралық көргизбелерге алып шығыў бойынша режелестирилген жумыслар ҳаққында пикир алмасылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме хызмети

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Поделиться