Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Жаңа қалашаның бас режеси көрип шығылды

2022-03-10 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 9-март күни «Жаңа Наманган»  қалашасының екинши басқышы жойбары менен танысты.

Наманган қаласы ҳәм экономика, ҳәм халқының саны жағынан өсип бармақта. Кейинги бес жылда қаланың халқы 152 мыңға көбейген. Ҳәзир 300 ден аслам көп қабатлы жайлар қурылып, дерлик 65 мың пуқара жаңа үйлерге ийе болған.

Соның ишинде, «Жаңа Наманган» қалашасы жойбарының биринши басқышында 330 гектар майданда 8 мың 500 квартиралы 184 турақ жай қурылды. Сондай-ақ, 145 гектар майданда киши санаат зоналары қурылып,  10 мың жаңа жумыс орны жаратылды.

Бүгинги күнде Наманган қаласында 30 мың пуқараның турақ жайға мүтәжлиги бар. Келеси жылларда қала халқы жылына 25 мыңға көбейиўи күтилмекте.

Сонлықтан, Шавкат Мирзиёев сайлаў алды бағдарламасында Наманган қаласын «бир миллионлық қала»ға айландырыў ҳәм «Жаңа Наманган»  қалашасын кеңейтиўди айтқан еди.

Презентацияда бул қалашаның екинши басқышы бас режеси көрип шығылды.

Оған бола,  272 гектар майданда 20 мың квартираға ийе 171 көп қабатлы жай қурыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы жайлардың сапасы, инфраструктурасы қандай болатуғыны менен қызықты. Жуўапкер адамларға ҳәзир көп қабатлы жайларда жасап атырған ҳәм турақ жайға мүтәж адамлар менен ушырасып, олардың пикир-усынысларын есапқа алыў, сол тийкарда жойбарды сын көзқарастан көрип шығып, ҳәр тәреплеме режелестириў бойынша тапсырма берди.

Аймақта жайларды ҳәм инженерлик-коммуникация тармақларын дурыс жайластырыў, имаратларда миллий өнерментшилигимизге сай нағыслардан пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Қалаша аймағында жумыс орынларын шөлкемлестириў, хызмет көрсетиўди раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Жойбарға бола, бул жерде «Жаңа Өзбекстан» бағын жаратыў да режелестирилген.

Президентимиз бағ ушын терек нәллерин ҳәзирден жетистириў, көп қабатлы жайлардың алдына ҳәм жол бойларына да тереклер егиў зәрүрлигин атап өтти.

Наманган ўәлаятында киши санаат зоналары инфраструктурасын жақсылаў, ишки жоллар ҳәм ишимлик суўы тармақларын оңлаў мәселелерине де итибар қаратылды. Жуўапкер адамларға ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси ҳәм ҳаял-қызлар белсендисиниң жумысын шөлкемлестириў, мәҳәллелерде спорт майданшаларын, турмыслық хызмет комплекслерин қурыў бойынша тапсырмалар берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться