Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ташкент қаласында мәҳәлле кесиминде ислеў бойынша көрсетпелер берилди

2022-01-31 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 31-январь күни Ташкент қаласында әмелге асырылатуғын жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Дәслеп халықтың турмыс дәрежесин мәҳәллелер кесиминде үйрениў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Бизге белгили, дүнья жүзинде Инсанның раўажланыў индекси бар. Ол халықтың турмыс сапасы, саўатлылық дәрежеси ҳәм өмириниң даўамлылығын салыстырмалы баҳалайтуғын көрсеткиш болып есапланады. Бул мәмлекетимиз басшысы алға қойған «инсан қәдирин улығлаў» идеясы менен үнлес.

Соннан келип шығып, Ташкент қаласында Инсан қәдири индексин енгизиў бойынша усыныс таярланған. Буның ушын Чиланзар, Учтепа, Сергели ҳәм Юнусабад районларынан биреўден мәҳәлле таңлап алынып, халық арасында 56 түрдеги мәселе бойынша сораў өткерилген. Бул арқалы мәҳәлледе қайсы тараў ақсап атырғаны, адамларда нелерге талап бар екенлиги анықланған.

Презентацияда усындай таллаўды сынақ тәризинде пайтахт мәҳәллелери кесиминде жолға қойыў, оның нәтийжелерине қарап, белгили аймаққа итибарды күшейтиў усынысы билдирилди.

– Буның нормалары қандай болады? Алты ай ямаса жыл ақырында неге ерисиледи? Соның ушын илимий тийкарланған система керек. Қала ҳәкимлигинде Ситуациялық орайға уқсас аналитикалық орайды шөлкемлестириў, программалық өним жаратыў зәрүр. Мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў аңсат емес, мойнымызға үлкен жуўапкершилик алып атырмыз. Бул система қайсы мәҳәллеге, қайсы көшеге биринши болып кириўди көрсетип бериўи керек. Ҳәмме жумысларды жәмийетшилик пенен мәсләҳәтлесип, жергиликли Кеңеслерде тастыйықлап, тәртип пенен орынлаў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Индекс жойбарын қәнигелер менен додалап, ҳәр тәреплеме жетилистириў, сектор басшыларына бул системаны үйретиў бойынша усыныслар берилди. Бул олардың өз жумыс усылын өзгертиўге ийтермелейтуғыны атап өтилди.

Презентацияда инвестиция ҳәм экспорт мәселелери де көрип шығылды.

Атап айтқанда, усы жылы пайтахтымызда 738 жойбар бойынша жәми 3 миллиард 800 миллион доллар инвестиция өзлестирилетуғыны атап өтилди. Соннан 2 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициясы болып есапланады. 500 жойбар усы жылдың өзинде иске қосылып, 27 мың жаңа жумыс орны шөлкемлестириледи.

Инвестициялық жойбарларды мәҳәллелер кесиминде қәлиплестириў илажлары, бул тараўда 2022-2026-жылларға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлер ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласының финанслық, экономикалық имканиятларының кеңлигин, аймақлық жойбарларды көбейтип, ҳәр бир районға қосымша 100 миллион доллар тартыў мүмкин екенлигин атап өтти.

Сыртқы саўда бағдарында да «өсиў ноқатлары» белгилеп алынған. Атап айтқанда, усы жылы Ташкент қаласының экспорты 1 миллиард 400 миллион доллар болыўы күтилип атырған болса, 2026-жылға барып бул көрсеткишти 2 миллиард 500 миллион долларға жеткериў мөлшерленген.

Ири халықаралық брендлерди тартыў арқалы ҳәм ишки базар талабын қанаатландырыў, экспортты арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Видеобайланыс арқалы район ҳәкимлери ҳәм сектор басшылары менен мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў мәселелери бойынша сөйлесиў болды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться