Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында
2022-01-31 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Халықты мәнзилли социаллық қорғаў ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиў, жәрдемге мүтәж пуқараларға ҳәм жалғыз баслы кекселерге пул жәрдемин көрсетиў көлемин кеңейтиў ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде:
а) компенсация төлеми, оны алыў ҳуқықына ийе болған барлық жеңилликли категориядағы шахсларға, бул шахслардың пенсия (социаллық напақа) алыўы яки алмаслығы ҳәм мийнет ететуғынлығы яки етпейтуғынлығына қарамастан төлеп барылатуғыны;
б) социаллық напақа алыўшы басқалардың күтимине мүтәж жалғыз баслы шахсларға компенсация төлеми енгизилетуғыны.
Бунда социаллық напақа алыўшы өзгелер күтимине мүтәж жалғыз баслы шахслар ушын ҳәр айлық компенсация төлеми пенсияны есаплаўдың базалық муғдарының 45 проценти муғдарында төлентуғыны;
в) жасы 100 ге толған ҳәм оннан асқан социаллық напақа алыўшы шахслар ушын ҳәр айда пенсияны есаплаўдың базалық муғдарының 100 проценти муғдарында қосымша төлем белгиленетуғыны.
Бунда 100 жасқа толған ҳәм оннан асқан пуқаралар напақасына ҳәр айда төленетуғын қосымша төлем пенсия ҳәм напақа тайынланған шөлкем арқалы республика бюджети ҳәм бюджеттен тысқары Пенсия қоры қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 28-январь
Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı