Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Президенти «Ҳиндстан – Орайлық Азия» саммитинде қатнасты

2022-01-28 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-январь күни видеоконференция тәризинде өткен «Ҳиндстан – Орайлық Азия» биринши саммитинде қатнасты.

Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Модидиң басламасы менен шөлкемлестирилген илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов те қатнасты.

Жетекшилер регион мәмлекетлери ҳәм Ҳиндстан арасындағы дәстүрий жақын ҳәм дослық байланысларын буннан былай да беккемлеў, көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын көрип шықты. Халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеўи алдынан бул ушырасыўдың стратегиялық шерикликти беккемлеў ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген жаңа күн тәртибин қәлиплестириўдеги әҳмийетин айрықша атап өтти.

Оған мәмлекет ҳәм халықларымызды байланыстырып турған терең тарийхый тамырлар исенимли тийкар болып хызмет етпекте. Атап айтқанда, мың жыллар даўамында регионымыз ҳәм Ҳиндстан халықлары арасында жедел гуманитарлық алмасыўлар ҳәм саўда байланыслары болған, олардың мәденияты, дәстүрлери ҳәм руўхый қәдириятлары бир-бирин байытып келген. 

Мәмлекетимиз басшысы «Ҳиндстан – Орайлық Азия» форматындағы әмелий бирге ислесиўди алға қойыўдың стратегиялық тийкарғы бағдарларын белгилеп, бул бағдарда анық усынысларды алға қойды.

Биринши тийкарғы бағдар сыпатында билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында жедел бирге ислесиў, Ҳиндстанның алдынғы тәжирийбеси, билим ҳәм технологияларын енгизиў арқалы инсан капиталын раўажландырыў белгилеп алынды.

Оған мысал ретинде соңғы жылларда мәмлекетимизде ҳиндстанлы шериклер менен биргеликте заманагөй көп тармақлы медицина орайлары шөлкемлестирилгени көрсетип өтилди. Соның менен бирге, Ҳиндстанның жетекши медицина университетлериниң Өзбекстандағы филиаллары жанында бундай клиникалардың тармағы және де кеңейтиледи.

Президентимиз фармацевтикалық препаратлар ислеп шығарыў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, вакцинация ҳаққындағы сертификатларды өз-ара тән алыўды жеделлестириў, вирусолог врачлар таярлаў бағдарламасын баслаў, дәстүрий медициналық усылларды кеңнен енгизиў басламаларын билдирди. Оларды алға қойыў мақсетинде ҳәр жылы биргеликтеги Денсаўлықты сақлаў форумын өткерип барыў усыныс етилди.

Елимиз билимлендириў тараўында Ҳиндстанның үш ири жоқары билимлендириў мәкемелери табыслы жумыс алып бармақта, халықаралық мектеплер ашыў бағдарламалары әмелге асырылмақта. Ҳиндстанның тиллерди оқытыў методикасы енгизилмекте.

Өзбекстан жетекшиси жаңа университетлер ҳәм профессионал билимлендириў орайларын ашыў, илимий ҳәм академиялық алмасыўларды жолға қойыў, инновациялық қолланбалар ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған «жол қартасы»н ислеп шығыўды усыныс етти.

Мәлимлеме технологиялары тараўындағы шерикликтиң кең перспективалары айрықша атап өтилди. Санластырыў тараўында дүнья жүзи лидерлеринен бири есапланған Ҳиндстан мәмлекетимиз IT тармағының раўажланыўына үлкен үлес қосып келмекте.

Санлы, финанслық ҳәм блокчейн технологияларын раўажландырыў, киберқәўипсизлик ҳәм кадрлар таярлаў бағдарында, соның ишинде, платформалар негизинде бирге ислесиўдиң регионаллық бағдарламасын қабыл етиў басламасы алға қойылды.

Екинши ең әҳмийетли стратегиялық тийкарғы бағдар сыпатында мәмлекетимиз басшысы экономикалық шерикликти кеңейтиўди усыныс етти.

Соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы товар алмасыў дерлик еки есеге артты, қоспа кәрханалардың саны 400 ге жетти. Ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта, Әндижан ўәлаятының Гужарат штаты менен кооперациясы табыслы раўажланбақта.

Исбилерменлер ҳәм аймақлар дәрежесиндеги тиккелей байланысларды хошаметлеў, инвестициялар ҳәм саўда тараўында жаңа өсиў ноқатларын анықлаў мақсетинде «Ҳиндстан – Орайлық Азия» исбилерменлер кеңесиниң жумысына жедел пәт бағышлаў әҳмийетли екени атап өтилди. Өзбекстан Президенти регион мәмлекетлери арасындағы транспорт байланысларының нәтийжелилигин арттарыў ҳәм заманагөй инфраструктура жаратыў мәселелериниң тийкарғы әҳмийетин атап өтти.

«Қурғақлықтағы» портлар тармағын раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў, жүк тасыўда шегирме ҳәм жеңиллетилген тарифлер усыныў, бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў мақсетинде транспорт министрлериниң көп тәреплеме ушырасыўлар механизмин жолға қойыў усынысы қоллап-қуўатланды.

Энергетикалық нәтийжелилик ҳәм «жасыл» раўажланыў тараўларында Ҳиндстанның алдынғы тәжирийбесин ҳәм кооперация перспективаларын үйрениўге айрықша итибар қаратылды. Бул бағдардағы регионаллық бирге ислесиў мәселелерин келеси жылдың сентябрь айында Аралбойында өткерилетуғын халықаралық форумда додалаў усынысы алға қойылды.

Мәдений-гуманитарлық тараў үшинши тийкарғы бағдар сыпатында атап өтилди. Музейлераралық бирге ислесиў, көргизбе ҳәм конференциялар шөлкемлестириў, қолжазба фондларын санластырыў ҳәм виртуал китапхана жаратыў, улыўма тарийхый-археологиялық мийрасты изертлеўди нәзерде тутатуғын биргеликтеги илажлар бағдарламасын ислеп шығыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Ҳиндстан менен дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен регион мәмлекетлеринде ҳинд мәденияты ҳәм киносы фестивальларын өткериў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы Аўғанстанда сақланып қалған қыйын жағдайға айрықша тоқтады. Бул мәмлекетте турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, гуманитар кризистиң ҳәўиж алыўына жол қоймаў, ири инфраструктуралық жойбарларды алға қойыўға жәрдемлесиў илажларын көриў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси Бас министр Нарендра Моди ҳәм дос Ҳиндстан халқын Республика күни ҳәм мәмлекет ғәрезсизлигиниң болажақ 75 жыллығы менен қутлықлады.

Басқа делегациялардың басшылары да өзлериниң шығып сөйлеген сөзлеринде шериклик қатнасықлары ҳәм регионаллық бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда, инвестициялар, транспорт, инфраструктура, санаат, аўыл хожалығы, мәденият ҳәм туризм тараўларында кеңейтиў ушын үлкен имканиятлар бар екенин атап өтти.

Саммит жуўмағында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Ҳиндстан арасында дослық қатнасықлары ҳәм көп қырлы шерикликти буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерине байланыслы улыўма көзқараслар билдирилген Дели декларациясы қабыл етилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться