Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Президенти Орайлық Азия ҳәм Қытай мәмлекет басшыларының саммитинде қатнасады

2022-01-24 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-январь күни дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен өткерилетуғын «Орайлық Азия мәмлекетлери – Қытай» онлайн саммитинде қатнасады.

ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң басламасы менен шөлкемлестирилетуғын илаж күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай арасындағы 30 жыллық бирге ислесиў жуўмақлары додаланады, көп қырлы қатнасықларды және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылады ҳәм әмелий бирге ислесиўдиң перспективалы тараўлары белгилеп алынады.

Онлайн саммит жуўмағында Биргеликтеги билдириў қабыл етилиўи режелестирилген.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться