Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти

2022-01-21 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-январь күни Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Өзбекстан – Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Өз-ара саўда көрсеткишлериниң турақлы өсиўи, санаат, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы, транспорт тараўларында әмелий бирге ислесиў көлеминиң кеңейиўине хызмет етип атырған кооперация жойбары табыслы әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Аймақлараралық алмасыўлар жеделлесип, биргеликте әҳмийетли гуманитарлық бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Жетекшилер жақында өткен ҳүкиметлераралық сөйлесиўлердиң нәтийжелерин жоқары баҳалап, еки дос мәмлекет арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди түп-тийкарынан кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери регион күн тәртиби ҳәм көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги бирге ислесиў жағдайлары бойынша пикир алысты. Болажақ ушырасыў ҳәм илажлардың режеси додаланды.

Телефон арқалы сөйлесиў ҳәр қашанғыдай дослық ҳәм конструктивлик руўхта өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться