Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Ташкент қаласында жәмийетлик транспортты раўажландырыў мәселелери додаланды
2022-01-20 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 19-январь күни Ташкент қаласында жәмийетлик транспортты раўажландырыў илажлары бойынша презентация менен танысты.
Қолайлы жәмийетлик транспорт қаланың ең әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады. Бирақ Ташкент қаласында бул әҳмийетли машқалаға айланып баратырған еди. Автобуслардың көбиси ескирген, орайлық бәндиргилер жаўылып, жөнелислер өз-ара нәтийжели байланыспағаны ақыбетинде халыққа қолайсызлық пайда етип атырған еди.
Мәселен, кейинги бес жылда пайтахтымыз халқы 300 мыңға көбейген, аймағы да кеңейген. Буннан тысқары, ҳәр күни бир миллионнан артық адам келип-кетеди. Бирақ жәмийетлик транспорт системасы пайтахттағы өзгерислерден артта. 350 автобустың пайдаланыў мүддети 10 жылдан асқан, 393 автобус жетиспейди. Тығылыслар ақыбетинде автобуслар арасындағы интервал тығыз ўақытта 30 минутқа шекем жетпекте.
Ақыбетинде жолаўшылар бул хызметтен наразы болып, жеке транспорттан пайдаланыўға өтип кетпекте. Ташкент қаласында бул көрсеткиш 79 процентти, жәмийетлик транспорттан пайдаланыў дәрежеси болса тек ғана 21 процентти қурамақта.
Шавкат Мирзиёев өткен жылы 19-октябрьде Ташкент қаласы сайлаўшылары менен ушырасыўда бул мәселеге айрықша итибар қаратып, зәрүр илажлар көрилетуғынын айтқан еди.
Презентацияда бул бағдардағы ўазыйпалар додаланды.
Халықтың жәмийетлик транспорттан пайдаланыў дәрежесин ҳәзиргиден 2 есеге арттырыў Транспорт министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң алдында турған тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди. Онда системалы қатнас ҳәм адамлардың аўырын жеңил етиў мақсети баслы болыўы, барлық транспорт түрлери – жөнелисли, темир жол транспорты ҳәм метро линиялары, велосипед ҳәм пиядалар ҳәрекетине мөлшерленген жоллардың избе-из байланыслылығын тәмийинлеў ҳәм комплексли раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Аймақлардан Ташкент қаласына келиўдеги тийкарғы жолларда 10 заманагөй бәндирги, жолаўшылар жүдә көп болатуғын 6 метро бәндиргиси жанында автомашина турыў орынларын қурыў бойынша тапсырма берилди.
Усы жылы «Қойлық-Қыпшақ» жер үсти метросы қурылысы да жуўмақланады. Оның нәтийжесинде жеңил автомобильден пайдаланып атырған 70 мың халық ушын жәмийетлик транспортта жүриўге қолайлы шараят жаратылады.
Буннан тысқары, жолаўшылар ағымының келеси 5 жыллық прогнозынан келип шығып, жәмийетлик транспорт системасының экономикалық-математикалық моделин жаратыў, Ташкент мәмлекетлик транспорт университетиниң илимий потенциалын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ташкент қаласында транспортлардың саны жылына 15 процентке өсип, күнине 800 мың автомобиль ҳәрекетленбекте. Жоллар пияда ҳәм велосипедте жүриў ушын қолайлы емес. 500 ден артық үлкен кесилиспе болып, айрымларының өткериўшеңлик дәрежеси төмен. Булардың барлығы ҳәм ҳәрекетлениў мәдениятының төменлиги ақыбетинде жол-транспорт ҳәдийселери көп жүз бермекте. Мәмлекетимиз басшысы жол ҳәрекетин дурыс шөлкемлестириў арқалы бул кесилиспелерде өткериўшеңлик ҳәм қолайлылықты арттырыў керек екенлигин атап өтти. Быйыл 200 кесилиспеде ҳәрекетти транспорт ағымына қарап басқарыў системасының енгизилетуғыны, 180 километр пияда ҳәм велосипед жолларының қурылатуғыны, 2 мың автомобильге мөлшерленген тоқтаў орынларының шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.
Сондай-ақ, усы жылы автобус паркиниң 35 проценти жаңаланады. Оның ушын 410 автобус ҳәм электробус сатып алынып, үлкен сыйымлықтағы автобуслар саны 2 есеге арттырылады. Сондай-ақ, қалада электромобильлер санының көбейип баратырғанын есапқа алып, олар ушын қуўатлаў станцияларын қурыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Презентацияда Ташкент қаласында жәмийетлик транспорт ҳәм транспорт инфраструктурасын Германия ҳәм Россияның мегаполислерди раўажландырыў бағдарындағы илимий тийкарланған тәжирийбеси тийкарында жетилистириў имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Сондай-ақ, жәмийетлик транспорт кәрханаларын қаржылай саламатландырыў, «Тошшаҳартрансхизмат» кәрханаларын финанслық аудиттен өткерип, трансформациялаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекетимиз басшысы тараўды бюджет ҳәм басқа да дәреклерден тысқары мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында да раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Транспорт министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигине пайтахтымызда жәмийетлик транспортты раўажландырыў концепциясын қайта көрип шығып, кең жәмийетшилик додалаўынан өткериў тапсырылды.
Келешекте барлық ўәлаят орайларындағы жәмийетлик транспортта олардың халық саны, жасаў ҳәм жумыс орынлары, раўажланыў өзгешеликлеринен келип шығып пайтахт тәжирийбеси ҳәм илимий қатнас тийкарында жетилистирилетуғыны атап өтилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги