Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Президенти Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасарын қабыл етти

2022-01-18 | Сиясат

17-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Ташкент қаласында болып турған Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Сердар Бердимуҳамедовты қабыл етти.

Ушырасыў алдында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары кейинги жылларда избе-из раўажланып атырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Жоқары мәртебели мийман қабыллаў ушын қызғын миннетдаршылық билдирип, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедовтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди және Түркменстан жетекшисиниң барлық бағдарларда жедел раўажланып атырған Түркменстан – Өзбекстан қатнасықларына жоқары баҳа берилген хатын тапсырды. Онда Түркменстан басшысы еки мәмлекеттиң халықаралық сиясат ҳәм регионаллық қатнасықлар бағдарындағы позициялары жақын ҳәм уқсаслығын айрықша атап өткен.

Ушырасыўда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы көрип шығылды.

Өз-ара саўда көлемин арттырыў, санаат, энергетика, суў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында жаңа кооперация жойбарларын әмелге асырыў және еки мәмлекет транзит потенциалынан нәтийжели пайдаланыў бойынша бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери ҳәм бул бағдардағы әмелий илажларға айрықша итибар қаратылды. Аймақлараралық қатнасықлар ҳәм мәдений-гуманитарлық  алмасыўды раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться