Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 30 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында
2022-01-14 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы
Мәмлекетимиздиң қорғаныў қүдиретин беккемлеў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын жоқарылатыў, Ўатанымыздың ғәрезсизлиги, мәмлекеттиң қәўипсизлиги ҳәм шегераларамыздың қол қатылмаслығын көздиң қарашығындай сақлаў, профессионал миллий армияны қәлиплестириў, әскерий хызметтиң абырайын арттырыўдағы үлкен хызметлери, жәмийетте тынышлық ҳәм турақлылықты, халқымыздың тынышлығын сақлаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў бағдарындағы ибратлы жумысы, мақтанышлы ҳәм муқаддес миннетин орынлаўда мәртлик көрсеткени, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жоқары тәжирийбеге ийе кадрларды таярлаўға қосқан мүнәсип үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Содиқ хизматлари учун» медалы менен
Косбаев Иляр Жолдасбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы излеў ҳәм қутқарыў топарының инструктор-қутқарыўшысы
Нуратдинов Муратбай Абдуллаевич – Қарақалпақстан Республикасы прокурорының аға жәрдемшиси
Хожаназаров Аманкелди Орынбаевич – Хожели районы ишки ислер бөлиминиң баслығы
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 12-январь
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги