Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң жәрдемшиси менен телефон арқалы сөйлесиў
2022-01-12 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң Қубла ҳәм Орайлық Азия ислери бойынша жәрдемшиси Дональд Лу менен телефон арқалы сөйлести.
Сәўбетлесиў ўақтында Өзбекстан-АҚШ бирге ислесиўиниң әҳмийетли мәселелери, алға қойылған келисимлердиң орынланыўы ҳәм келешектеги илажлар кестеси додаланды.
Тәреплер халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша да пикир алысты.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги