Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Әҳмийетли инфраструктуралық жойбарлар көрип шығылды
2022-01-10 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 10-январь күни қурылыс, жол инфраструктурасын жақсылаў ҳәм тәбийғый газ тәмийнатына байланыслы жойбарлар менен танысты.
Ташкент ўәлаятында саўда ҳәм сервисти раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар бар. Соның ушын автомобиль жолларын кеңейтип, жол бойы хызметлерин көбейтиў бойынша көплеген жойбарлар ислеп шығылмақта.
«Ташкент-Чиназ» автомобиль жолын оңлаў жойбары солардан бири. Ҳәммемизге белгили, бул жолда ҳәрекет жүдә көп болып, бир суткада 60-65 мың автотранспорт ҳәрекетленеди. Сонлықтан оның 10 километр бөлегин оңлаў, 5 жерде жер асты өтиў жолын ҳәм қосымша жергиликли жоллар қурыў мөлшерленген.
Пайтахтымыздағы Темур Малик көшесин 6 сызықлы етип кеңейтиў, оның еки шетинде көп қабатлы турақ жай ҳәм хызмет көрсетиў имаратларын қурыў, Жиззақ қаласындағы Өзбекстан көшесинде 210 метрлик жол өткелин қурыў бойынша да жойбарлар режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарларды мақуллап, олардың ҳүжжетлерин ислеп шығыў, сапалы етип қурыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Презентацияда оғада газ жеткерип бериў системасында жеке меншик шерикликти енгизиўге байланыслы усыныслар да көрип шығылды.
Бул системаны модернизациялаў жүдә әҳмийетли. Себеби елимиздеги газ қубырларының ярымынан көбиси – 45 мың километри отыз жылдан артық пайдаланылмақта. Ақыбетинде шығындылардың муғдары 20 проценттен артып кетип атыр.
Атап айтқанда, ҳәзирги күнде Жиззақ қаласы газ тәмийнаты системасында 767 километр қубыр, 6 газ бөлистириў станциясы, 1 мың 600 ден аслам газ бөлисириў пункти бар. Бул системаны халықаралық стандартлар тийкарында тиккелей инвестициялар тартыў арқалы модернизациялаў бойынша жойбар ислеп шығылған.
Техникалық тийкарғы шешимлерден пайдаланып әмелге асырылатуғын жойбар шеңберинде ески газ қубырлары алып тасланып, 1 мың 500 километрден артық жаңа қубырлар тартылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, газ бөлистириў станцияларының саны 6 дан 2 ге шекем қысқартылып, 3 басқышлы системадан 2 басқышлы системаға өтиледи. Нәтийжеде ҳәзирги жағдайдағы 115 миллион куб метр шығындылар сапластырылады.
Президентимиз бул жойбардың нәтийжелилигине айрықша әҳмийет қаратып, оны тезлестириў зәрүр екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, бундай системаны бир ўақыттың өзинде Сырдәрья ўәлаяты Гүлистан қаласында, кейин ала басқа аймақларда да әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды. Бул жумыслар газ бөлистириў ҳәм есап-санақты тәртипке салып, оның халқымызға турақлы ҳәм толық жетип барыўына хызмет етеди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги