Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери телефон арқалы сөйлести
2022-01-10 | Сиясат
10-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Мәмлекет басшылары еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери ҳәм болажақ илажлар бойынша пикир алысты.
Президент Тоқаев Қазақстан Республикасындағы ҳәзирги жағдай ҳәм мәмлекетте жағдайды турақлыластырыў бойынша ҳүкимет тәрепинен көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.
Өзбекстан жетекшиси қайтыс болғанлардың шаңарақларына және бир мәрте кеўил билдирип, жәбирленгенлер тез арада саўалып кетиўин тиледи.
Тәреплер дос Қазақстан жеринде тынышлық ҳәм турақлылық жақын арада қайта тиклениўине исеним билдирди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги