Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Еки мәмлекет жетекшилери регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысты
2022-01-06 | Сиясат
6-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет басшылары Өзбекстан менен Түркия арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларының ҳәзирги жағдайын ҳәм перспективаларын, бирге ислесиўди және де жеделлестириў мәселелерин додалады. Сондай-ақ, Орайлық Азия регионындағы жағдай, атап айтқанда, Қазақстанда жүзеге келип атырған жағдай бойынша пикир алысты.
Президентлер Қазақстанда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған барлық илажларды көриў зәрүр екенлиги ҳаққында улыўма пикир билдирди.
Соның менен бирге, мәмлекет басшылары жүзеге келген жағдайды тыныш жол менен шешиўдиң және зорлық ҳәм жағдайдың кескинлесиўине жол қоймаўдың әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги