Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан илими аўыр жоғалтыўға ушырады

2022-01-05 | Илим

Химия-технология тараўындағы ири илимпаз, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги Сайдиаҳрол Тўхтаев 2022-жыл 3-январь күни 79 жасында қайтыс болды.

С.Тўхтаев 1942-жыл 1-сентябрьде Ташкент қаласында туўылды. 1963-жылы Ташкент политехника институты (ҳәзирги Ташкент мәмлекетлик техника университети)н тамамлап, мийнет жолын Республикалық азот санааты мәмлекетлик институтының Шыршық филиалында (ҳәзирги «Өзхимиясанаатжойбарлаў» акционерлик жәмийети) инженер-технолог сыпатында баслады, кейин ала Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Химия институтының аспирантурасында оқыды. Дәслеп кандидатлық, соң докторлық диссертациясын қорғады. 2000-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги етип сайланды.

Қәбилетли илимпаз өзиниң дерлик 60 жыллық илимий-педагогикалық жумысы даўамында Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Химия институтында аға илимий хызметкер, лаборатория баслығы, илимий ислер бойынша директордың орынбасары, Төгинлер институтында лаборатория баслығы, бөлим баслығы, Улыўма ҳәм органикалық емес химия институтында лаборатория баслығы, жойбар басшысы ҳәм бас илимий хызметкер лаўазымларында нәтийжели мийнет етип, елимизде органикалық емес химия тараўының раўажланыўына, бул бағдарда жоқары тәжирийбели кадрлар таярлаўға мүнәсип үлес қосты.

С.Тўхтаевтың басшылығында онлаған илим кандидаты ҳәм илим докторлары таярланды.

Мийнеткеш илимпаз органикалық химия илиминиң теориялық ҳәм әмелий мәселелерине бағышланған жүзлеген илимий мақалалар, бир қанша монография, көплеген қолланба ҳәм патентлердиң авторы сыпатында елимиздиң илимий жәмийетшилиги арасында ҳүрмет-итибарға еристи.

Әсиресе, оның басшылығында суперфосфат, калий сульфат сыяқлы төгинлер таярлаўдың илимий тийкарлары ислеп шығылғаны республикамыз аўыл хожалығының раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болды.

Академик С.Тўхтаевтың елимиз илимин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен ойлап табыўшы ҳәм рационализатор» ҳүрметли атағы ҳәм «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған еди.

Белгили илимпаз, меҳрийбан инсан Сайдиаҳрол Тўхтаевтың естелиги жүреклеримизде мәңги сақланып қалады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться