Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти Сеулге келди
2021-12-17 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-декабрь күни мәмлекетлик сапар менен Корея Республикасына келди.
Сеул қаласындағы аэропортта мәмлекетимиз басшысын салтанатлы күтип алыў мәресими болды. Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты, артиллериядан топлар атылды.
Самолёт алдында Өзбекстан жетекшисин Корея Республикасы Бас министриниң орынбасары Хонг Нам Ки ҳәм басқа шахслар күтип алды.
Сапардың тийкарғы илажлары – еки тәреплеме ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер, бүгин, 17-декабрь күни болып өтеди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги