Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан аўыл хожалығы хызметкерлерине

2021-12-12 | Сиясат

Қәдирли ўатанласлар!

Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер, аграр тараў хызметкерлери!

Бүгинги қутлы әййям – Аўыл хожалығы хызметкерлери күни мүнәсибети менен сизлерди, пүткил халқымызды шын кеўлимнен қутлықлайман.

Сақаўатлы жеримизде гөззал зүрәәт байрамы белгиленип атырған бул берекетли мәўритлерде жаңа Өзбекстанның раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығы жолында пидәкерли мийнет етип атырған, шәпик қолы ҳәм шын кеўли менен елимиздиң ырысқы-несийбесин жаратып атырған, өз жумысының устасы болған шебер дийқан ҳәм фермерлер, бағманлар, шарўалар ҳәм пиллекешлер, суўшылар ҳәм ирригаторлар, агроном ҳәм механизаторлар, агрокластерлердиң басшылары ҳәм жумысшы-хызметкерлери, дийқан хожалығы басшылары, тараўдың жанкүйер илимпазлары және қәнигелерине қызғын миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз дослар!

Кейинги жыллары аўыл хожалығы тараўында узақты гөзлеген ҳалда әмелге асырып атырған түпкиликли реформаларымыз системада салмақлы нәтийжелерге ерисиўде әҳмийетли фактор болмақта.

Биз бул бағдардағы жумысларымызды избе-из даўам еттирип, елимизде қолайлы агробизнес орталығын жаратыў, бул бойынша инвестициялық тартымлылықты арттырыў, тараўды санаатластырыў мәселесине тийкарғы әҳмийет қаратпақтамыз.

Өз гезегинде, истиң көзин билетуғын дийқан ҳәм фермерлеримиз ең соңғы илим жетискенликлерин пуқта үйренген ҳалда, көп жыллық бай билим ҳәм тәжирийбелери менен тараўдың раўажланыўы ушын күш-ғайрат көрсетип атырғанын айрықша атап өтиў зәрүр.

Ҳәммемизге белгили, дийқаншылық жер жүзиндеги ең мақтанышлы, соның менен бирге машақатлы кәсиплерден бири. Елимиздиң аўыл хожалығы тараўы быйыл да ҳәр қыйлы қыйыншылықларға ушырасып атырғанына  ҳәммемиз гүўамыз.

Бәринен бурын, дүнья көлеминде даўам етип атырған пандемия тәсири, қалаберди, бәҳәрде жаўын-шашынның аз болғаны, жаз мәўсиминиң оғада ыссы келиўи, суў ресурсларының ҳәр жылғыдан сезилерли дәрежеде жетиспеўшилиги дийқанларамыздың ерк-ықрарын ҳәм мәртлигин және бир мәрте сынақтан өткерди.

Бирақ машқалаларға қарамастан, барлық тармақларда мол өним жетистирип, алдынғы жылларға қарағанда жоқары шеклерге ерискениңиз ушын сиз, әзизлерге қаншелли алғыс айтсақ, арзыйды.

Быйыл республикамыз бойынша 20 миллион тоннадан артық мийўе-овощ, 7,4 миллион тоннаға шамалас дән, 3,4 миллион тоннадан аслам пахта шийки заты, 23 мың тонна пилле, 2,6 миллион тонна гөш, 11 миллион тоннадан артық сүт өнимлери, 8,3 миллиард дана мәйек, 400 мың тонна балық жетистирилгени жыл бойынша күни-түни исленген машақатлы мийнеттиң мүнәсип нәтийжеси болып есапланады.

Бул ҳаққында айтқанда, ғәллениң ҳәр гектарынан 95-100 центнерден зүрәәт алған Марҳамат районындағы «Сотволдиев Ҳошимжан», Бувайда районындағы «Исламжан Шукурулла», Оҳангарон районындағы «Нажмиддин Фахриддин файз», Дослық районындағы «Фарҳод», Ромитан районындағы «Кўҳна Бухара», Қарши районындағы «Мол өним сапа», Риштан районындағы «Моҳинур файзли гавҳари», Қумқорған районындағы «Паданг», Елликқала районындағы «Сахтиён Азамати», Тўрақорған районындағы «Шоҳида бургути» сыяқлы фермер хожалықларының атларын мақтаныш пенен атап өтемиз.

Аграр тараўдың және бир әҳмийетли тармағы – пахташылықта алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде усы мәўсимде өткен жылға салыстырғанда 422 мың тонна көп пахта шийки заты жетистирилди. Өнимдарлық болса орташа 6,3 центнерге артқаны айрықша дыққатқа ылайық.

Бундай үлкен қырманды жаратыўға салмақлы үлес қосқан Қумқорған районындағы «Термиз Жайҳун», Дослық районындағы «Сангзор-Текстиль», Зафарабад районындағы «Жиззақ кантекс», Боёвут районындағы «Боёвут текстиль кластер», Қоракўл районындағы «Қаракөл кумуш калава», Ғиждувон районындағы «Бухара агро кластер», Тўрақорған районындағы «Наманган тўқимачи кластер», Пахташы районындағы «Пахтачи кластер», Аққорған районындағы «Оққўрғон агро кластер», Янгиариқ районындағы «Янгиариқ текс», Боғот районындағы «Коботекс» сыяқлы пахта-тоқымашылық кластерлери, сондай-ақ, Жарқорған районындағы «Хушбоқ баба», Шараф Рашидов районындағы «Нарқазақ ата», Жоқары Шыршық районындағы «Тангирберди ата», Қорғантепа районындағы «Савай кўрки», Пешку районындағы «Варахшо нурлы жери», Беруний районындағы «Раҳматулла Чаман» фермер хожалықлары бәршеге үлги болғанын миннетдаршылық пенен атап өтемиз.

Қәдирли ўатанласлар!

Ҳәзирги күшли бәсеки шараятында аўыл хожалығы системасында да жаңаша қатнас, инновациялар ҳәм алдынғы қолланбаларды, интенсив ҳәм ресурс үнемлейтуғын технологияларды избе-из қолланыўды заманның өзи талап етпекте.

Кейинги ўақытта пүткил дүньяда болғаны сыяқлы регионымызда да жүз берип атырған климат өзгерислери, суў ресурсларының күн сайын тамтарыс болып атырғаны, экологиялық машқалалар тараўда илим ҳәм өндиристиң үнлеслигин тәмийинлеў қаншелли әҳмийетли екенин көрсетпекте.

Мине усы факторларды есапқа алған ҳалда, Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясы тараўда реформаларды және де тереңлестириў ҳәм инновациялық технологияларды қолланыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халыққа сапалы өнимлер жеткерип бериў, экспорт географиясын кеңейтиўдей тийкарғы мәселелерде қолланба болып хызмет етпекте.

Аўыл хожалығында базар механизмлерине тийкарланған, басқарыўдың пүткиллей заманагөй түри болған кластер системасының енгизилгени әмелде өзин толық ақламақта. Бул инновациялық система аграр тараўды раўажландырыўдың қуралына, аўыл халқының кепилленген дәрамат дәрегине айланып бармақта.

Ҳәзирги ўақытта елимизде барлық бағдарларда 651 агрокластер жумыс ислеп, пахта ҳәм ғәллениң 100 проценти, мийўе-овощтың 40 проценттен артығы мине сондай кәрханалардың үлесине туўра келмекте.

Агрокластерлер аўыл хожалығын модернизациялаў, тараўды санаатластырыў, өнимлерди терең қайта ислеў, өз гезегинде сыртқа шийки зат емес, қосымша қунға ийе таяр өним экспорт етиў, бәнтликти тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў сыяқлы тийкарғы ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырмақта.

Нәтийжеде тек ғана пахташылықта талшықты қайта ислеў көрсеткиши 2,5 есеге артты. Зүрәәттиң 100 проценти мәмлекетимизде қайта ислениўи себепли ийирилген жип ислеп шығарыў 2 есеге, таяр өним көлеми 3 есеге артты. Бул бағдардағы жыллық экспорт муғдары дерлик 3 есеге артты. Бул бағдардағы жыллық экспорт муғдары дерлик 3 миллиард долларды қурады.

Жердиң қәдирин билетуғын, оның ҳәр қарысынан үнемли пайдаланатуғын, бәрқулла изленип, сийрек гезлесетуғын тәжирийбе мектебин жаратқан кластер басшылары, фермер ҳәм дийқанларымыз, сондай-ақ, мийўе-овощ, салы, дәрилик шөплер жетистириў, шарўашылық ҳәм басқа да тараўларда жоқары нәтийжелерди қолға киргизип киятырғаны оғада әҳмийетли.

Ҳүрметли тараў ўәкиллери!

Сизлерге белгили, соңғы жыллары аўыл хожалығы жерлериниң өнимдарлығын арттырыў, обороттан шыққан егислик жерлерди қайта пайдаланыўға киргизиў, суўғарылмайтуғын жерлерди өзлестириў жумысларына қатаң итибар қаратылмақта. 2020-2021-жыллары 369 мың гектар жер қайта пайдаланыўға киргизилди. Суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратыў системасы жолға қойылды.

Сондай-ақ, жаңа ыссыханалар шөлкемлестириў, азық-аўқат өнимлериниң өзине түсер баҳасының турақлылығын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар да өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте. Атап айтқанда, тек ғана 2021-жылдың өзинде 797 гектар майданда баҳасы 2,3 триллион сумлық 398 заманагөй ыссыхана иске қосылып, 11 мыңнан аслам адамның бәнтлиги тәмийинленди.

Булардың барлығы ишки базар талабын қанаатландырыў менен бир қатарда, экспорт имканиятларын кеңейтип, аўыллық жерлерде ықшам ҳәм қолайлы болған саўда, логистика орайлары ҳәм қайта ислеў кәрханаларын раўажландырмақта. Сырт еллердиң базарларына жаңа перспективалы бағдарлар ашылып, дерлик 1,5 миллион тонна мийўе-овощ өнимлери 65 мәмлекетке экспорт етилди.

Усы жерде, экспорт көрсеткишлеринде өткен жылға қарағанда собықлы өнимлер 122 процентке, жүзим өнимлери 142 процентке, овощлар 103 процентке және ғоза өнимлериниң 1,8 есеге өскенин айрықша атап өтиў зәрүр.

Ҳәзирги ўақытта, жаңа жойбарлар үстинде ислеў, базар механизмлериниң принциплерин кеңнен енгизген ҳалда өним ислеп щығарыў көлемлерин арттырыў, хызмет көрсетиў түрлерин көбейтиў ҳәм сапасын және де жақсылаў, маман қәнигелерди таярлаў мәселелери дыққатымыз орайында болыўы керек. Мине усы талап ҳәм нормалардан келип шыққан ҳалда, тараўда кең көлемли реформаларды енгизиў режелестирилмекте.

Соның ишинде, өним жетистириўдиң өзине түсер баҳасын 30-35 процентке қысқартыў, жердиң өнимдарлығын арттырыў, дийқан ҳәм фермерлердиң дәраматын кеминде 2 есеге көбейтиў, экспортқа қолайлы өнимлер жетистириўди қоллап-қуўатлаў ҳәм мийўе-овощ жетистириўди раўажландырыў, агросанаат кәрханаларын шийки зат пенен тәмийинлеў ҳәм өндирис көлемин кескин арттырыў, шарўашылық тармақларының жумысын жетилистириў, суў хожалығы объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында басқарыў системасына өтиў келешекте өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетеди, әлбетте.

Алдымызда турған бундай жуўапкершиликли ўазыйпаларды орынлаўда барлығыңыз тақ турып, бир жағадан бас шығарып, бар маманлық ҳәм тәжирийбеңизди, күш-ғайрат ҳәм потенциалыңызды қарататуғыныңызға исенемен.

Әзиз досларым, қәдирданларым!

Ҳәзирети Мир Әлийшер Наўайының баба дийқанларды улығлап, олар жерге туқым шашып, ел-халық ушын ырысқы жолын ашады, деп айтқан сөзлеринде терең турмыслық мәни бар екенлигин ҳәммемиз жақсы билемиз.

Сизлерди усы берекетли ҳәм көтериңки әййям менен және бир мәрте қутлықлап, барлығыңызға саў-саламатлық, шаңарақлық бахыт, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

Кирип киятырған жаңа –  2022-жылда зүрәәтимиз және де мол болсын!

Халқымыз, елимиз дәстурханын молшылық ҳеш қашан тәрк етпесин!

Өмириңизден, мийнетиңиздиң берекетин көриң,  ақкөкирек ҳәм кеңпейил, жаратыўшаң ҳәм ана жерди сүйип ардақлайтуғын әзизлерим!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти

Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

Поделиться