Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Пакистан жетекшилери өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады
2021-11-26 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-ноябрь күни Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хон менен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы Бас министр Имрон Хонды туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм үлкен табыслар, дос Пакистан халқына болса тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи.
Сөйлесиў ўақтында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
Сөйлесиўлер жеделлескени, еки тәреплеме товар алмасыў көрсеткишлери сезилерли дәрежеде өскени ҳәм исбилерменлер арасындағы кооперацияның күшейгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Аўыл хожалығы машина қурылысы, фармацевтика ҳәм химия санааты, тоқымашылық ҳәм қурылыс материаллары тармақлары, басқа да тараўлардағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Жетекшилер регионда ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалады.
Болажақ ушырасыўлардың режеси де көрип шығылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги