Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасарын қабыллады
2021-11-25 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-ноябрь күни елимизде әмелий сапар менен болып турған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары, БМШ Наркотиклар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының атқарыўшы директоры Гада Валиди қабыллады.
Ушырасыўда глобаллық ҳәм регионаллық қәўипсизликке қәўип салып атырған заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў тараўындағы бирге илсесиўдиң әҳмийетли мәселелери қөрип шығылды.
Өзбекстан ҳәм БМШтың бул қәнигелескен бөлими арасындағы әмелий бирге ислесиў жоқары дәрежеге көтерилгени ҳәм нәтийжели түс алғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекетимизде 1995-жылдан берли басқарманың Орайлық Азиядағы ўәкилханасы жумыс ислемекте. Оның белсене қатнасыўында соңғы бир неше жылда әмелдеги регионаллық бағдарлама шеңберинде улыўма баҳасы 24 миллион долларлық финанслық-техникалық жәрдем жойбарлары орынланды ҳәм әмелге асырылмақта.
Гада Валидиң сапары шеңберинде Орайлық Азия еллери ушын 2022-2025-жылларға мөлшерленген жаңа регионаллық бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етилди, бул бағдарламада бес тийкарғы бағдарда 90 миллион долларлық илаж ҳәм жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, усы күнлерде Самарқанд қаласында Жаслардың нәшебентлик затларға қарсы регионаллық тармағы иске қосылады және Бухара қаласында Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша халықаралық конференция өткериледи.
Ушырасыўда наркотиклердиң нызамсыз айланысы, шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм халықаралық терроризмге қарсы гүресиў тараўында коррупцияға қарсы гүресиў мақсетинде электрон платформа енгизиў ҳәм басқа да бағдарларда шериклик ҳәм өз-ара муўапықласыўды және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Региондағы жағдайға айрықша итибар қаратылып, Аўғанстанда гуманитарлық кризистиң алдын алыў ҳәм бул мәмлекетке әмелий жәрдем көрсетиў ушын халықаралық жәмийетшиликтиң муўапықласқан ҳәрекетлериниң әҳмийетли екени атап өтилди.
Мәмлекетимиздиң БМШ басқармасы менен системалы ҳәм көп қырлы бирге ислесиўин беккемлеўге байланыслы биргеликтеги «жол картасы»н таярлаў бойынша келисимге ерисилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги