Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Франция ҳәм Россия нотариал палаталарының ўәкиллери Өзбекстанда

2021-11-15 | Жәмийет

Барлық тараўлардың раўажланыўында халықаралық бирге ислесиўди жетилистириў, алдыңғы сырт ел тәжирийбелерин үйрениў ҳәм әмелиятта қолланыўдың әҳмийети үлкен.

Өзбекстан нотариал палатасы усы көзқарастан халықаралық бирге ислесиў байланысларын кеңейтпекте. Көплеген мәмлекетлердиң нотариал шөлкемлери менен өз-ара бирге ислесиў бойынша меморандумларға қол қойылды.

Соның ишинде, Нотариал палата Литва, Украина, Беларусь, Әзербайжан ҳәм Қазақстан Нотариал палаталары менен қол қойылған меморандумлар шеңберинде жедел бирге ислеспекте.

Италия нотариуслар миллий кеңеси, Германия нотариуслары Федерал палатасы, Испания нотариуслар кеңеси және Халықаралық нотариуслар аўқамы менен болса бирге ислесиў ҳаққында сөйлесиўлер алып барылмақта.

Соны айрықша айтыў орынлы, Өзбекстан нотариал палатасы Халықаралық нотариуслар аўқамына ағза болыў ҳәм мәмлекет нотариатын жәҳән нотариат системасы дәрежесине көтериў бойынша системалы жумысларды даўам еттирип атыр.

Нотариал палата енди Франция және Россия мәмлекетлериниң Нотариал палаталары менен де бирге ислесиўди раўажландырады.

Өзбекстан нотариал палатасына бул мәмлекетлер делегацияларының сапарында бул ҳаққында келисип алынды.

Нотариал палата баслығы Дилшод Ашуров мийманларды қабыл етип, оларға елимизде нотариал тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Нотариал хызмет көрсетиўди заманагөйлестириў ҳәм қолайластырыў ушын бул тараў мәмлекетлик сектордан жеке меншик секторға өткерилгени унамлы нәтийже көрсетти. Жеке меншик нотариуслар жумыс сапасына итибар қаратып атырғаны, қарыйдарлар исенимин ақлаўға талпынып атырғаны тараўда өз-өзинен бюрократия, коррупция сыяқлы иллетлерди сапластырды.

«Нотариус» электрон мәлимлеме системасының иске қосылғаны жумыс алып барыўды тезлестириў менен бирге сапасына да үлкен унамлы тәсир етти.

Барлық нотариуслар палата менен биргеликте халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға ҳәрекет етип атырғаны, яғный ашық сөйлесиўлерде пуқаралар менен пикирлесип, олардың сораўларына жуўап берип атырғаны жумыслар нәтийжелилигин арттырмақта.

Франция нотариуслары жоқары кеңеси және Россия Нотариал палатасы делегацияларының сапары дәслеп Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятларында жеке меншик әмелият пенен шуғылланыўшы нотариуслар жумысы менен жақыннан танысыўдан басланғанын айтып өтиў орынлы.

Өз-ара сөйлесиўде мийманлар электрон нотариат мәмлекеттиң барлық аймақларында бирдей ислеўи, «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасына басқа мәмлекетлик хызметлердиң интеграцияланғаны хызмет көрсетиўди қолайластырғанына гүўа болғанын атап өтти.

– Нотариал палатаның мирәт етиўине бола Өзбекстанға келдик,-дейди Федерал нотариал палата президентиниң кеңесгөйи Александр Янин. – Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятларында аймақлық басқармалар және нотариуслар жумысы менен таныстық. Тәсирлеримиз тек ғана унамлы, бүгинги дөгерек сәўбетинде мәмлекетиңиз нотариат тараўындағы жаңалықлар ҳаққында мағлыўмат берип, келешекте қандай бағдарларда бирге ислесиўимиз ҳаққында келисип аламыз.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться