Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев Түркияға жөнеп кетти
2021-11-11 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев Түркий тиллес мәмлекетлер дослық кеңесиниң гезектеги саммитинде қатнасыў ушын 11-ноябрь күни Түркияның Стамбул қаласына жөнеп кетти.
Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўда Кеңес шеңбериндеги көп қырлы қатнасықларды, соның ишинде, саўда, инвестициялар, «жасыл» экономика, санлы технологиялар, транспорт ҳәм коммуникациялар, мәдений-гуманитарлық алмасыў тараўларындағы байланысларды кеңейтиў мәселелери орын алған. Шөлкем жумысын және де жетилистириў мәселелери көрип шығылады.
Саммит жуўмағында бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм ҳәр тәреплеме шерикликти беккемлеўге қаратылған қосымша ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи күтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы сапар даўамында Стамбул қаласында еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги