Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан кәсиплик аўқамларының хызметкерлери ҳәм белсендилерине
2021-11-11 | Жәмийет
Қәдирли ўатанласлар! Ҳүрметли кәсиплик аўқамлары хызметкерлери ҳәм белсендилери!
Бәринен бурын, сиз әзизлерди, сизлер арқалы кәсиплик аўқамларының миллионлаған ағзаларын мәмлекетимизде биринши мәрте белгиленип атырған байрам – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни менен шын жүрегимнен қутлықлап, ҳәммеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдириўден оғада қанаатланаман.
Бүгинги күнде елимизде кәсиплик аўқамлары системасында 33 мыңнан аслам басланғыш шөлкемлер нәтийжели жумыс ислемекте ҳәм 6500 ден аслам хызхметкер ҳәм 300 мыңға шамалас белсендилер пидәкерлик пенен мийнет етип келмекте.
Ҳәзирги ўақытта, кәсиплик аўқамлары өз қатарында 5,5 миллионнан аслам ағзаларды бирлестирип, олардың мийнетке байланыслы ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўде жақыннан жәрдем берип келмекте. Усы тийкарғы ўазыйпаны нәтийжели тәмийинлеў мақсетинде соңғы 5 жылда кәсиплик аўқамлары системасында кең көлемли илажлар әмелге асырылды, мийнет жәмәәтлеринде хызметкерлерди социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў жумыслары жаңа басқышқа көтерилди.
Кәрхана ҳәм шөлкемлерде жыл даўамында 1 жумысшы ҳәм хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў тараўына жумсалатуғын орташа қаржының муғдары 5 есеге арттырылды.
Бул дәўирде Кәсиплик аўқамлары федерациясы системасында 14 саламатландырыў орайы қурылды, бесеўи реконструкцияланды. Нәтийжеде бир жылда қосымша түрде 34 мың ўатанласымызды системадағы санаторийларда саламатландырыў имканияты жаратылды.
Сондай-ақ, 593 мыңға шамалас хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, 8700 ден аслам урыс ҳәм мийнет фронты ветеранлары санаторийларда саламатландырылғаны, 1,5 миллионнан аслам балалардың дем алыў орайларында дем алыслары шөлкемлестирилгени де бул бағдардағы жумыслар көлеминиң кеңлигинен дәрек береди.
Буннан тысқары, 788 мыңнан аслам хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, 14 мыңға шамалас кексе әўлад ўәкиллери ҳәм 15 мыңнан аслам жәрдемге мүтәж шаңарақ ағзаларының республикамыздағы дыққатқа ылайық зыярат орынларына саяхатлары шөлкемлетирилди.
Хызметкерлердиң мийнетин қорғаў мақсетинде кәсиплик аўқамлары тәрепинен 16 мыңға шамалас кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жумысы үәренилип, анықланған 61 мыңнан аслам кемшиликлер сапластырылыўы тәмийинленди.
Тараў хызметкерлериниң ис-ҳәрекетлери нәтийжесинде 14 мыңға шамалас хызметкердиң бузылған мийнет ҳуқықлары тикленип, олардың пайдасына 3,6 миллиард сумнан аслам қаржы өндирип берилди.
Кейинги жылларда тараўда халықаралық бирге ислесиў қатнасықлары беккемленип бармақта. Атап айтқанда, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы Кәсиплик аўқамлары улыўма конференциясына ағзаллыққа қабыл етилди, Орайлық Азия мәмлекетлериниң түрлес шөлкемлери менен келисимлер дүзилди, Халықаралық мийнет шөлкеми менен бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилди.
Соңғы жылларда халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўде кәсиплик аўқамлары белсене қатнасып келмекте. Соның ишинде, «Ҳаял-қызлар дәптери» менен ислесиў системасы арқалы өткен дәўир ишинде жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимликлер менен биргеликте 6,5 миллионнан аслам ҳаял-қызлар менен сөйлесиўлер өткерилип, 900 мыңға шамалас апа-қарындасларымыздың машқалаларын унамлы шешиўде кәсиплик аўқамлары мәмлекетимизге беккем сүйениш болып танылып атырғанын миннетдаршылық пенен тән алыў зәрүр.
Бул ҳаққында айтқанда, өткен жылы Кәсиплик аўқамлары федерациясы жанында шөлкемлестирилген 1211 «исеним телефоны»на келип түскен ҳаял-қызлардың 100 мыңға шамалас мүрәжатларында билдирилген мәселелердиң шешилгени айрықша ҳүрмекте ылайық.
Ҳүрметли дослар!
Бизге белгили, биз өз алдымызға Жаңа Өзбекстанды қурыўдай уллы ўазыйпаны стратегиялық мақсет етип қойдық. Усы мәнисте, «Инсан қәдири ушын» идеясын улыўма миллий ҳәрекетке, елимизди кең имканиятлар ҳәм әмелий жумыслар мәмлекетине айландырыўда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бир қатарда, әлбетте, кәсиплик аўқамлары да әҳмийетли орын тутады.
Биз буннан былай да бәнтликти тәмийинлеў ҳәм халықты социаллық қорғаў тараўларында социаллық шериклик имканиятларын және де күшейтиў, тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды орнатыўға байланыслы басламаларыңызды қоллап-қуўатлаймыз.
Соның менен бирге, кәрхана ҳәм шөлкемлерде хызметкерлердиң кәсиплик, мийнетке байланыслы, социаллық-экономикалық ҳуқықларын тәмиийнлеў системасын және де күшейтиўди дәўирдиң өзи талап етпекте.
Мәмлекетимизде мийнет етип атырған барлық жумыс бериўшилер ҳәм басшылар пүткил дүньяда тән алынған төмендеги қағыйдаға әмел етиўлерин қәлер едим: ҳәр қандай кәрхана ямаса шөлкемде, әлбетте, кәсиплик аўқамы жумыс ислеўи ҳәм басшылар, әлбетте, олар менен тығыз биргеликте жумыс алып барыўы шәрт. Сонда ғана жәмийетимизде мийнет нызамшылығының бузылыўы жағдайларының алды алынады, турмысымызда социаллық әдиллик және де беккем орнатылады.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
Жанажан Ўатанымыз өз раўажланыўының шешиўши басқышына кирип атырған, инсан қәдири, ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў барлық тараўларда биз ушын бас мақсетке айланып атырған ҳәзирги ўақытта турмыстың өзи пүткил халқымыз сыяқлы кәсиплик аўқамлары алдына да үлкен ўазыйпаларды қоймақта.
Өзиниң үлкен ҳәм тәжирийбеге бай мектеби, даңқлы дәстүрлерине ийе болған мәмлекетимиз кәсиплик аўқамлары оларды нәтийжели шешип, Жаңа Өзбекстанда жаңаша мийнет қатнасықларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўына мүнәсип үлес қосады, деп исенемен.
Биз быйылғы жылы оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, кәсиплик аўқамларының пуқаралық жәмийетиниң ең белсенди институтларынан бирине айланыўы ушын жәрдем бериў бойынша буннан былай да бар имканиятларымызды жумсаймыз.
Сизлерди бүгинги қутлы әййям – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, ҳәммеңизге беккем денсаўлық, жуўапкершиликли ҳәм уллы жумысларыңызда жаңа жетискенликлер тилеймен.
Мине усындай қуўанышлы күнлериңиз көп болсын, шаңарақларыңызды ҳеш қашан тынышлық, қут-берекет, бахыт ҳәм әўмет тәрк етпесин!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги