Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Спорт-билимлендириў мәкемелериниң жумысын 2025-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында

2021-11-09 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Спорт-билимлендириў мәкемелериниң жумысын раўажландырыўының орта ҳәм узақ мүддетли перспективаларын белгилеў, оларда олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша спортшылар резервин таярлаў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, соның ишинде, оларды басқарыў ҳәм қаржыландырыў системасын жетилистириў, сондай-ақ, материаллық-техникалық ҳәм ресурс имканиятларын және де кеңейтиў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Спорт-билимлендириў мәкемелериниң жумысын 2025-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

Спорт-билимлендириў мәкемелериниң жумысын 2025-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасын 2021-2022-жыллары әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық;

Спорт-билимлендириў мәкемелериниң жумысын 2025-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасының мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары)  3-қосымшаға муўапық;

2022-2025-жыллары олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлериниң объектлерин қурыў, реконструкциялаў, толық оңлаў ҳәм үскенелеўдиң тийкарғы параметрлери 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. а) спорт имаратлары менен қурылмаларында қурылыс-оңлаў жумыслары тек ғана алдыннан ислеп шығылған техникалық-экономикалық тийкарламаға муўапық әмелге асырылатуғыны;

б) олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлериниң материаллық-техникалық базасын және де жақсылаў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 2022-жылдан баслап бағдарламалар толық орынланғанға шекем ҳәр жылы қосымша:

қурылыс-оңлаў жумысларына – 50 миллиард сум;

заманагөй спорт қураллары, технологиялық қураллар, әсбап-үскенелер ҳәм арнаўлы спорт кийимлери менен тәмийинлеўге – 10 миллиард сум;

медицина бөлимлерин заманагөй әсбап-үскенелер, дәри-дармақ ҳәм тиклеўши қураллар менен үскенелеўге –10 миллиард сум;

заманагөй оқыў әдебиятларын басып шығарыў ҳәм сатып алыўға – 2 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленсин.

  1. Қурылыс министрлиги (Б.Закиров):

Туризм ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте аймақларда үйрениўлер алып барған ҳалда, олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлери ушын қосымша қурылатуғын заманагөй оқыў, жатақхана, асхана, медицина имаратлары ҳәм спорт қурылмаларының үлги жойбарларын тастыйықласын. Онда, олардың спорт имаратларында физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқаралардың спорт пенен шуғылланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыўды нәзерде тутсын;

усы қарар тийкарында объектлердиң жойбар алды ҳәм (ямаса) жойбарлаў ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўында ең қолайлы және техникалық шешимлер қолланылыўын, оларды инновациялық технологияларға тийкарланған, арзан, энергия үнемлеўши ҳәм тез қурылатуғын жеңил конструкция ҳәм материаллардан қурыў, қолайлылық ҳәм экологиялық қәўипсизлик талапларына муўапықлығын тәмийинлеў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин комплексли экспертизадан өткериўди тәмийинлесин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен турақлы мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўын орнатсын.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги:

а) Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте:

еки ай мүддетте олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлериниң медицина бөлимлеринде пайдаланылатуғын заманагөй медициналық әсбап-үскенелер дизимин тастыйықласын;

2021-2022-жыллар даўамында олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлериниң медицина бөлимлерин модернизациялаў, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў және тәжирийбели қәнигелерди тартыў илажларын көрсин;

олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлери оқыўшыларының аймақлардағы қәнигелестирилген орайлық емлеўханаларға арнаўлы контигент сыпатында бириктирилиўин тәмийинлесин;

б) еки ай мүддетте Өзбекстан Миллий китапханасы менен биргеликте спорт-билимлендириў мәкемелери тәрепинен республикалық ҳәм жәҳән мәлимлеме-ресурсларынан аралықтан турып пайдаланыў системасын жаратсын;

в) 2022-жыл 1-январьға шекем:

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети және Денетәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў институтының китапханасын спорт түрлери, улыўма кәсиплик ҳәм арнаўлы пәнлер бойынша  8 000;

олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлериниң китапханаларын спорт түрлери, улыўма кәсиплик ҳәм арнаўлы пәнлер бойынша 7 000;

басқа спорт-билимлендириў мәкемелериниң китапханаларын спорт түрлери бойынша 35 000 дана шет ел әдебиятлары менен тәмийинлеў илажларын көрсин.

Спорт түрлери, улыўма кәсиплик ҳәм арнаўлы пәнлер бойынша шет ел әдебиятларын сатып алыў ҳәм билимлендириў мәкемелерине жеткерип бериў менен байланыслы 10 миллиард сумлық қәрежетлер биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Туризм ҳәм спорт министрлигине 2021-жылы республикалық бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан қапланатуғыны, келеси жыллары бул мәкемелердиң китапхана фондын байытып барыў  олардың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин;

г) Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте Олимпия ҳәм Паралимпия ойынларының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшылар тәрепинен шөлкемлестирилген мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемелериниң шынығыўларын алып барыў ушын мәмлекет қарамағында болған зәрүр имарат ҳәм қурылмалардың ижара төлемлерисиз оларға берилиўин тәмийинлесин;

д) 2022-жыл 1-апрельге шекем  олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша спортшыларды таярлап атырған  мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемелерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин;

е) өз системасындағы барлық түрдеги спорт имаратлары ҳәм қурылмаларында турникед (лазер-датчикли) ҳәм видео жазып алыў үскенелерин орнатыў жумысларын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-февральдағы «Өзбекстан Республикасында ишки ҳәм зыярат туризмин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6165-санлы Пәрманы шеңберинде туризм инфраструктурасын раўажландырыў ушын ажыратылған қаржылар есабынан әмелге асырсын.

  1. Бас прокуратура (Н.Йўлдошев) Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.Абдухакимов пенен биргеликте кейинги үш жылда Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан:

қурылған, соның ишинде, реконструкцияланған, толық оңланған ҳәм үскенеленген спорт объектлерин;

Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий Олимпия комитети, Өзбекстан Миллий  паралимпия комитети, спорт-билимлендириў мәкемелери, спорт федерация (ассоциация)лары ҳәм басқа да мәмлекетлик спорт шөлкемлери тәрепинен әмелге асырылған сатып алыўлар ҳәм хызметлерди сол жерге шыққан ҳалда үйренсин.

Үйрениў процесинде жумсалған қаржылардан  ақылға уғрас, үнемли ҳәм нәтийжели пайдаланғанлығы, тендер ҳәм таңлаўлардың  ашық-айдын ҳалда өткерилгенлиги, коррупцияға жол қойылмағанлығы, мәмлекетлик сатып алыўлардың басқа да тийкарғы принциплерине толық әмел еткенлигине нызамлы баҳа берилсин.

  1. Спорт-билимлендириў мәкемелери және Денетәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў институты, Денетәрбия ҳәм спорт илимий изертлеў институтын үскенелеў және жумысын шөлкемлестириў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша Туризм ҳәм спорт министрлиги тәрепинен алып келинетуғын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын үскенелер, арнаўлы транспорт қураллары, мультимедиа өнимлери, медициналық тренажёрлар, әдебиятлар, жасалма және тәбийғый майдан қапламалары ҳәм инвентарьлар 2024-жыл 1-октябрьге шекем бажыхана бажысынан азат етилсин.

Мәмлекетлик бажыхана комитети усы бәнтке тийкарланып сырт елден алып келинетуғын товарлардан басқа да мақсетлерде пайдаланылған жағдайда, жеңилликлер берилиўи мүнәсибети менен төленбеген бажыхана бажы суммасының нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған финанслық санкциялар қолланылған жағдайда Мәмлекетлик бюджетке өндирилиўин тәмийинлесин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Мәмлекетлик бюджет, сондай-ақ, устав капиталында мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық тәреп, устав капиталының 50 проценти ҳәм оннан артығы устав капиталында мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық тәрепке тийисли болған юридикалық тәреп (кейинги орынларда – мәмлекетлик үлеси бар шөлкемлер) есабынан қаржыландырылатуғын Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети ҳәм спорт федерация (ассоциация)ларының дәраматлары ҳәм қәрежетлери  сметасы ҳәр жылы 1-декабрьге шекем Туризм ҳәм спорт министрлиги және Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланады;

 дәраматлар ҳәм қәрежетлер сметасында нәзерде тутылған қаржылардан артықша қәрежет етиўге  және сметада  нәзерде тутылмаған қәрежетлерди әмелге асырыўға жол қойылмайды;

Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети ҳәм спорт федерациясы (ассоциация)лары мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик үлеси бар шөлкемлер есабынан қаржыландырылатуғын қәрежетлери ҳаққындағы толық есабатты  ҳәр айдың жуўмағы менен кейинги айдың 5-сәнесине шекем Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳәм өзлериниң  веб-сайтларында жәриялап барады. Онда, қәрежетлер жәрияланбағанда финанслық ҳуқықбузарлық деп баҳаланады;

спорт жарысларын өткериў ушын бюджет қаржылары  тек ғана ҳәр жылы тастыйықланатуғын спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режеси  тийкарында ажыратып барылады;

Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик үлеси бар шөлкемлер есабынан қаржыландырылатуғын Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети ҳәм спорт федерациясы (ассоциация)лары тәрепинен өткерилетуғын төлемлер  Қаржы министрлигиниң Ғазнашылығында ҳәм оның аймақлық бөлимлери  арқалы әмелге асырылады;

Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик үлеси бар шөлкемлер есабынан қаржыландырылатуғын спорт илажлары ушын ажыратылатуғын қаржылардың нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланылыўы үстинен  турақлы түрде мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымлары тәрепинен қадағалаў орнатылады;

әмелге асырылып атырған қәрежетлердиң ашық-айдынлығын және де арттырыў, қәрежетлердиң қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде барлық түрдеги қәрежетлер  ҳәр айда мәжбүрий түрде арнаўлы спорт системасын басқарыў платформасында жәрияланып барылады.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери аймақларда спорт түрлерин раўажландырыў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестирсин, ҳәр жылы спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режелерине муўапық  аймақлық спорт жарысларын толық көлемде қаржыландырыў және жоқары дәрежеде өткериў  илажларын көрсин.
  2. Министрлер Кабинети (А.Арипов) үш ай мүддетте:

а) Токио қаласында (Япония) болып өткен ХХХII Олимпия ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған   спортшыларымыздың жумысын үгит-нәсиятлаў системасын енгизиў бойынша  төмендегилерди нәзерде тутатуғын  Ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин:

бул спортшыларымыз оқыған спорт- билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери, мәҳәллерде олардың үлгили жумысына бағышланған көргизбелер  шөлкемлестириў;

көргизбелерге  жасларды кеңнен тартыў, оларда  спорт кейпиятын жоқарылатыў, балалар арасында  спорт тәрбиясын күшейтиў;

үгит-нәсиятлаў жумысларын  турақлы түрде шөлкемлестириў арқалы жасларды спортқа әсиресе, олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине тартыў;

б) Оксана Чусовитина ҳәм Баҳодир Жалолов атындағы спорт шеберлиги мектеплерин шөлкемлестириў  ҳәм олар ушын барлық зәрүр шараятларды жаратып бериў бойынша Ҳүкимет  қарарын қабыл етсин;

в) спортта жоқары нәтийжелерге ерисип, спорт жарақатларын алғанлығы ямаса спорттағы жумысын жас көрсеткишлерине бола тамамлаған жоқары тәжирийбели спортшыларды кейинги жумысын даўам еттириўи ушын кәсипке бағдарлаў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў, социаллық қорғаў бойынша Ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ажыратылған қаржылар шеңберинде:

усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге  байланыслы брифинглер, пресс-конференциялар, тематикалық көрсетиўлер шөлкемлестирсин;

Кинематография агентлиги менен биргеликте жаслардың спортқа кирип келиўинен баслап  олардың жоқары нәтийжелерге ерисиў жолы, абырайлы жарыслардағы қатнасы ҳәм ҳәзирги күндеги турмысы ҳаққында  қысқа метражлы көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, видеороликлер, арнаўлы көрсетиўлер таярланыўын ҳәм ғалаба хабюар қуралларында кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин.

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте Өзбекстан чемпионаты (кубоги), елимизде өткерилетуғын абырайлы халықаралық жарыслар (турнирлер)дың олар өткерилиўинен кеминде еки ай алдын тастыйықланған  медиа-реже тийкарында  ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсиятланыўын әмелиятқа енгизсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары А.А.Абдухакимов, Өзбекстан Миллий олимпия комитетиниң баслығы Р.М.Шаабдурахманов, Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң баслығы М.М.Ташходжаев және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша  ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 5-ноябрь

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться