Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Мәмлекетлик бюджет жойбары додаланды
2021-11-02 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев ҳузурида 2022 йил учун солиқ тушумлари ҳамда бюджет параметрлари юзасидан йиғилиш ўтказилди.
Мәмлекет басшысы елимизде инсан қәдирин улығлаў, адамлардың турмысын жақсылаў бас мақсет етип белгиленгени, бул принциплер бюджетти қәлиплестириўде де баслы өлшем болыўы зәрүр екенлигин атап өтти.
Соның ушын келеси жылға мөлшерленген мәмлекетлик бюджет жойбарында, бәринен бурын, социаллық бағдарларға үлкен итибар қаратылған. Атап айтқанда, билимлендириў ҳәм медицина системасына 58 триллион сум ажыратылыўы нәзерде тутылған.
Президентимиз бул қаржыға қосымша түрде және 12 триллион сум ажыратыў усынысын билдирди. Себеби аймақлардағы мүтәжлик ҳәм халықтың талабынан келип шығып, келеси жылы 55 жаңа бағдарлама әмелге асырылатуғыны белгиленген.
Соның ишинде, шетки жерлерде 1 мың 600 балалар бақшасын шөлкемлестириў, Миллий билимлендириў бағдарламасы шеңберинде 40 жаңа мектеп қурыў ҳәм 235 ин оңлаў, сабақлықларды жаңалаў және компьютер класларын ашыў сыяқлы көплеген илажлар мөлшерленген. Жоқары билимлендириў системасында да ўазыйпалар көп. Атап айтқанда, бакалавр бағдарында мәмлекетлик грантлар, магистратура ҳәм докторантураға қабыллаўлар санын арттырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жатақханалар қурыўға субсидия бериў және 80 мыңнан аслам студентлердиң ижара қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў нәзерде тутылған.
Медицинаның басланғыш буўынын раўажландырыў және аймақларда жоқары технологиялы медициналық хызметлерди енгизиўге келеси жылы жәми 8 триллион сум ажыратылыўы мөлшерленбекте. Соннан 1 триллион сумы онкогематология, эндокрионология, бүйрек ҳәм баўырды көшириў сыяқлы бағдарламаларға қаратылады. Коронавирусқа қарсы шаншылғанлар санын 17 миллионға жеткериў, жәрдемге мүтәж халыққа қәнигелескен медициналық хызметлер ушын да зәрүр қаржы ажыратылады. Президентимиз муғаллим ҳәм шыпакерлердиң айлық мийнет ҳақысын басқышпа-басқыш арттырыў зәрүр екенлигин атап өтип, оның ушын қосымша қаржы қаратыўды усыныс етти.
Мәмлекетлик бюджет жойбарында аймақлар инфраструктурасын жақсылаў мәселелерине де кеңнен орын берилген. Турақ жайлар ҳәм социаллық объектлер қурыў, мәҳәллелерди абат етиў илажлары ушын 26 триллион сум ажыратылыўы режелестирилген. – Бул тараўларға усы күнге шекем бундай қаржы берилмеген. Енди оны тәртипли, нәтийжели түрде орын-орнына жеткериў керек. Соның ушын ҳәр бир бағдарлама бойынша ажыратылатуғын қаржыларды мақсетли көрсеткишлер менен байланыстырған ҳалда, электрон қадағалаў системасын енгизиў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.
Бюджет системасында қаржыны қадағалаўды күшейтиў мәселесине айрықша тоқтап өтилди. Оның ушын темир тәртип пенен, мәмлекетлик сатып алыўлар системасында ашық-айдынлықты күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Қаржы министрлигине келеси жылы 1-январьдан тендерлерди инсан факторысыз өткериў системасын енгизиў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, барлық бюджет шөлкемлери бухгалтериясын толық санластырыў, мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша есап-санақларды электрон есап-фактура арқалы әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысы бюджет жойбарын жергиликли кеңеслер, исбилерменлер ҳәм халық пенен додалаў, олардың усынысларын Олий Мажлиске додалаўға киргизиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги