Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Кластерлердиң раўажланыўы ушын имканиятлар кеңейтиледи

2021-10-28 | Экономика

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 27-октябрь күни аўыл хожалығында кластер системасын раўажландырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәжилис алдында Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қоллап-қуўатлағаны ушын халқымызға миннетдаршылық билдирип, сайлаў алды бағдарламасында айтылған барлық мақсет ҳәм ўазыйпалардың әлбетте, әмелге асырылатуғынын атап өтти.

Атап айтқанда, аўыл хожалығында да үлкен режелер белгиленген. Келеси бес жылда зүрәәтлиликти кеминде 2 есеге көтериў, шийки затты терең қайта ислеў, тараў экспортын 7 миллиард долларға жеткериў, халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын және де арттырыў мақсет етилген.

Онда кластерлер тийкарғы таяныш ҳәм жетекши болады. Бул система қысқа ўақытта үлкен өзгерислерге тийкар жаратты. Мәселен, тек ғана пахташылықта талшықты қайта ислеў 2,5 есеге артып, 100 процентке жеткерилди. Сондай-ақ, ийирилген жип ислеп шығарыў 2 есеге, таяр өним – 3 есеге артты, экспорт жыл ақырына шекем 3 миллиард долларға жетеди.

Пахта шийки затынан таяр өнимге шекемги басқышларды қамтып алған 2 миллиард долларлық 125 жаңа кәрхана және 150 мың турақлы жумыс орны шөлкемлестирилди.

Кластерлер тәрепинен 5 мыңнан аслам жоқары өнимли техникалар алып келинди, 126 мың гектар майданда суўды үнемлеў технологиялары енгизилди. 

Инновациялық қатнас нәтийжесинде зүрәәтлилик де артып бармақта. Көп кластерлер быйыл пахтадан 35-40 центнерге шекем өним алды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жумысларды даўам еттириў, аўыл хожалығы ҳәм агросанаатта нәтийжелиликти арттырыў ушын кластерлерге имканиятларды кеңейтиў керек екенлигин атап өтти.

Орынлардағы сайлаў алды ушырасыўларында фермерлер ҳәм дийқанлар, кластер басшылары өзлерин қыйнап киятырған көплеген машқалаларды айтқан. Бул мәселелер системаластырылып, олардың шешимлери бойынша усыныслар ислеп шығылған.

-Ең тийкарғы машқала – әмелдеги ескише қаржыландырыў тәртиби,-деди Президент. – Ол тараўды раўажландырыў бойынша қойылған талапларға пүткиллей жуўап бермей атыр. Пахта-тоқымашылық кластерлери кредит мүддетлерин создырыў ҳәм муғдарын көбейтиўди сорап атыр. Ҳәзирги күнде кластерлерге кредит 11 ай мүддетке ажыратылады. Пахта шийки затын жетистирип, оны қайта ислеўге болса кеминде 24 ай керек. Жерди егиўге таярлаў октябрьде басланса да, кредит 3-4 ай кешиктирип, январь-февраль айларынан ажыратылады. Бул бурынғы система енди толық өзгереди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, енди пахта зүрәәтин қаржыландырыў шүдигарлаў дәўиринен, яғный октябрь айынан басланады. Буннан былай, кластерлерге кредитлер 24 ай мүддетке ажыратылып, оның жеңиллетилген дәўири әмелдеги 11 айдан 18 айға шекем создырылады.

Қысқаша етип айтқанда, кластер алған кредитин, шийки затты ең кеминде ийирилген жип ҳәм гезлемеге айландырғаннан кейин қайтарады. Бул системаны енгизиўге бюджеттен 10 триллион сум қаратылады. Усы мақсетте Аўыл хожалығы қорына жылдың ақырына шекем қосымша 100 миллион доллар ажыратылады.

Сондай-ақ, топырақ өнимдарлығын ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў, суўғарыўдың жаңа технологияларына өтиў, өсимликлерди қорғаў, заманагөй лабораториялар шөлкемлестириў, фермерлерди оқытыў сыяқлы илажлар ушын ҳәр бир гектар пахта майданына 1 миллион сумнан қаржылай грантлар ажыратылады.  

Қаржы министрлиги ҳәм орайлық банкке бул жаңа системаны әмелиятқа енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Кластерлер тәрепинен ийирилген жипти қайта ислеў дәрежесин келеси еки жылда ҳәзирги 50 проценттен 70 процентке жеткериў мөлшерленген. Соннан келип шығып, оларға қаржыландырыўдың жаңа механизмлериниң енгизилетуғыны мәлим етилди.

Мәселен, гезлемени бояў ҳәм аралас гезлеме ислеп шығаратуғын үскенелер сатып алыўы ушын, кәрхана қуўатлылығына қарап, мәмлекет есабынан қаржылай грантлар бериледи. Бундай жойбарларды кредитлеў ушын және 150 миллион доллар қаржы ажыратылады.

Боялған гезлеме ҳәм таяр өним ислеп шығарыўшы кәрханалардың экспортын қоллап-қуўатлаў ушын мәмлекет тәрепинен төмен ставкаларда 100 миллион долларлық жаңа кредит линиясы ашылады. Сондай товарлардың кеминде 80 процентин экспорт ететуғын кластер ҳәм басқа да тоқымашылық кәрханалары ушын социаллық салық ставкасы 3 жыл мүддетке әмелдеги 12 процент орнына 1 процент етип белгиленеди. Сондай-ақ, оларға мүлк салығын 3 жылға кешиктирип төлеў имканияты да бериледи. Оның есабынан, кәрханалар еркинде жылына кеминде 500 миллиард сум қаржы қалады.

Және бир қолайлық – келеси жылдан ийирилген жипти қайта ислейтуғын кластерлерге кредит алыўда пахта шийки заты ҳәм талшығын гиреўге қойыў әмелияты енгизиледи.

Мәжилисте кластерлер жумысының ҳуқықый кепилликлерин және де күшейтиў бойынша да көрсетпелер берилди.

Ҳәммемизге белгили, ғәлле жетистириў ҳәм сатыўда базар қатнасықларына өтилмекте. Президентимиз келеси жылдан ғәллешилик кластерлери ҳәм фермерлерге бийдайды базар баҳасында толық еркин сатыў ҳуқықының берилетуғынын атап өтти.

Онда, кластер ҳәм фермер хожалықлары 3 жыл даўамында ҳәр гектардан 2,5 тонна ғәллени биржа саўдаларына шығарыўы талап етиледи. Қалған өнимди болса, тиккелей сатыў ҳуқықы бериледи. «Өздәнөнимлери» қурамындағы дәнди қайта ислеў кәрханалары ғәлле кластерлерин шөлкемлестириў ушын ашық саўдаларға шығарылады.

Жуўапкерлерге еки ҳәпте мүддетте ғәлле бойынша төлемлерди толық әмелге асырыў бойынша көрсетпе берилди.

Мәжилисте мийўе-овощ кластерлери ҳәм кооперациялары ушын да қосымша имканиятлар жаратыў илажлары додаланды. Оларды да Аўыл хожалығы қоры арқалы жеңиллетилген кредитлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Соның ишинде, мийўе-овощ кластерлерине айланыс қаржы ушын, қор есабынан  1 жыл мүддетке 10 проценттен кредит ресурслары ажыратылады.

Келеси жылдан мийўе-овощ зүрәәтин климат қәўпинен қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў компаниялары арасында таңлаў өткериледи. Экспорт шәртнамасы болған кластерлер ҳәм фермерлерге қамсызландырыў сыйлығының 50 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

Елимизде 200 мың гектар төмен зүрәәтли пахта ҳәм ғәлле майданының қысқартылыўы режелестирилген. Бул майданлар халыққа таңлаў тийкарында, узақ мүддетли ижараға бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы онда жәрдемге мүтәж шаңарақларға айрықша итибар қаратыў, оларға дийқаншылық сырларын үйретиў ҳәм жәрдемлесиў керек екенлигин атап өтти. Оның ушын 100 миллион сумға шекемги мийўе-овощ жойбарларына «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасының шәртлери тийкарында кредит берилетуғыны атап өтилди. Аўыл хожалығы министрлигине мийўе-овощ кластерлери ҳәм қайта ислеў кәрханаларын инфраструктура менен тәмийинлеў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында агрологистика орайларын қурыў бойынша тапсырмалар берилди.

Аўыл хожалығы техникаларын жаңалаў мәселесине де тоқтап өтилди. Бул бойынша фермерлер ҳәм кластерлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде, келеси жылдан баслап, техника сатып алыў бойынша кредитлердиң 10 проценттен жоқары бөлегиниң мәмлекет тәрепинен қаплап берилетуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, импорт етилетуғын техника, комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклер бажыхана төлемлеринен 3 жыл мүддетке азат етиледи. Оның нәтийжесинде кластерлер ҳәм фермерлер техниканы 35 процентке шекем арзан сатып алыў имканиятына ийе болады.

Буннан тысқары, лазерли тегислеў, зүрәәтли ҳәм кеселликлерге шыдамлы жаңа сортларды егиў, туқымгершиликти раўажландырыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў ушын да жеңилликлер бериледи.

Улыўма, бул мақсетлер ушын жылына жәми 25 триллион сум қаратылыўы күтилмекте.

Мәжилисте билдирилген басламалардың орынланыўы бойынша пәрман ҳәм қарар жойбарларын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться