Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Реформалардың нәтийжеси ҳәр бир инсан, ҳәр бир шаңарақ ҳәм мәҳәлле турмысында анық сезилиўи керек

2021-10-11 | Мәденият

Президент Шавкат Мирзиёев орынлардағы дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 8-октябрь күни Сурхандәрья ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң сапарын уллы улама бабамыз Ҳаким ат-Термизий мақбарасын зыярат етиўден баслады.

Алла тааладан елимизге тынышлық ҳәм абаданлық тилеп пәтия етилди.

Шавкат Мирзиёев Термиз қаласында сурхандәрьялы сайлаўшылар менен ушырасыў өткерди.

Буннан соң Президентимиз Термиз қаласындағы 9-қәнигелестирилген мектеп-интернатын барып көрди.

Бул мектеп 1979-жылы қурылған. Имаратлар ески, ханалар кемлиги себепли талапқа жуўап бермей қалған. Оқыўшы орны тек ғана 250.

Ҳәзирги күнде мектеп қуўатлылыққа салыстырғанда 2 есеге көп жүклеме менен ислемекте. Сондай-ақ, пән ҳәм спорт дөгереклерин шөлкемлестириў ушын имканият жетерли емес.

Усыған қарамастан, билимлендириўдиң сапасы жүдә жақсы. Оқыўшылардың жоқары билимлендириў ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге кириў көрсеткишлери жоқары.

Қалаберди, әтирапта жаңа турақ жайлар қурылып, халықтың саны көбейиўи менен мектепке талап артып бармақта.

Президент бул мәкемениң орнында 1 мың 500 орынлық заманагөй мектеп қурыў мақсетке муўапықлығын атап өтти.

-Мәмлекетимиз бүгин өз алдына қойып атырған мақсетлерди әмелге асыратуғынлар-кадрлар. Муғаллимниң абырайын көтерип, билимлендириўди дурыс жолға қоймас екенбиз, нәтийже бомайды. Соның ушын келеси бес жылда мектеплерди оңлаў ҳәм реконструкциялаў бойынша жаңа Миллий бағдарлама қабыл етиледи,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы усы мектеп муғаллимлери менен сәўбетлести. Олар мектеп билимлендириўин жақсылаў ҳәм муғаллимлерди хошаметлеў бойынша усынысларын айтты.

Бул жерде Сурхандәрья ўәлаятында улыўма билимлендириў системасын раўажландырыў илажлары додаланды. Сурхандәрья ўәлаятында 96 мың қосымша оқыўшы орнын жаратыў режелестирилген. Оның ушын 21 жаңа мектеп ҳәм 358 мектепте жаңа имаратлар қурылады, 116 мектеп толық оңланады. Мәлимлеме технологиялары, математика, химия-биология пәнлерине қәнигелескен 19 мектеп шөлкемлестириледи.

Президент Термиз қаласындағы Гүлистан мәҳәллесинде болды.

Кейинги жылларда бул жерде турақ жайлар, саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары, балалар ойын майданлары қурылды. Ҳәўлилерде жасаўшылар жерден үнемли пайдаланып, дийқаншылық, шарўашылық, қусшылық пенен шуғылланады.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде жасаўшы Сайдулла Мирзаевтың шаңарағына кирип, шаңарақтың жасаў шараятлары менен танысты.

Шаңарақ басшысы узақ жыллар шопанлық еткен. Өмирлик жолдасы Ҳосият апа менен 6 перзентти тәрбиялап, камалға келтирген. Шаңарақ абат. Қыйтақ жердеги ыссыханада лимон нәллери егилген.

-Сурхандәрья-Қудай берген жер. Бул жерде аўыл хожалығынан бир жылда үш мәрте зүрәәт алыў мүмкин. Соннан пайдаланып, раўажланған мәмлекетлерден технология алып келип, өнимлерге базар табыўымыз керек. Бул да қосымша дәрамат, жаңа жумыс орынлары болады,-деди Президент.

Сайдулла ата бүгинги күнде улы исбилермен, келини шыпакер болып ислеп атырғаны, ақлықлары жақсы билим алып атырғаны, турмысына шүкиршилик ететуғынын айтты.

-Шүкиршилик – ең жақсы қәдирият,-деди Шавкат Мирзиёев. -Ҳәзир жасаў ушын да, оқыў, ислеў ушын да барлық шараят бар. Бәринен бурын, елимизде тынышлық-татыўлық болыўы керек.

Мәмлекетимиз басшысы Термиз қаласының Мангузар мәҳәллесинде қурылған заманагөй көп қабатлы турақ жайларды да көзден өткерди.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Сурхандәрья ўәлаятына сапары жуўмағына жетти. Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке қайтып келди.

Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

Поделиться