Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев Фумио Кисиданы қутлықлады
2021-10-07 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Либерал-демократиялық партиясының жетекшиси Фумио Кисидаға оның мәмлекет Бас министри етип сайланғаны мүнәсибети менен қутлықлаў жоллады.
Мәмлекетимиз басшысының хатында мәмлекетлеримиздиң биргеликтеги ҳәрекетлери менен Өзбекстан-Япония бирге ислесиўиндеги үлкен потенциал халықларымыздың абаданлығы жолында ҳәр тәреплеме әмелге асатуғынына исеним билдирилген.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги