Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти АҚШ конгрессменлери менен әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў жолларын додалады
2021-10-06 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-октябрь күни Америка Қурама Штатлары Конгресси Ўәкиллер палатасының конгрессменлер Дон Бэйкон, Дуг Ламборн, Трой Нельс ҳәм Август Пфлюгерден ибарат делегациясын қабыл етти.
АҚШ делегациясы еки тәреплеме параментлераралық бирге ислесиўди беккемлеўге байланыслы келисимлер шеңберинде мәмлекетимизде болып турыпты.
Мәмлекетимиз басшысы парламентлер дәрежесиндеги жедел қатнасықлар ҳәм нәтийжели алмасыўларды, олар Өзбекстан-АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын жедел раўажландырыўға үлкен үлес қосып атырғанын жоқары баҳалады.
АҚШ Конгрессинде шөлкемлестирилген Өзбекстан бойынша кокус – дослықты беккемлеў ҳәм конструктивлик сөйлесиўди алға қойыў бойынша парламентлик топардың абырайы артып бармақта, жумысы кеңеймекте. Бүгинги күнде кокус тәрепинен көп қырлы бирге ислесиўди ҳәм мәмлекетимиздеги реформалар бағдарламасын қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар әҳмийетли жойбарлар алға қойылған. Конгрессменлер Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар стратегиясы мәмлекеттиң турақлы раўажланыўының әҳмийетли факторы екени және оның халықаралық майдандағы абырайы сезилерли дәрежеде жоқарылаўына хызмет еткенин айрықша атап өтти.
Сөйлесиў ўақтында парламентлераралық бағдар менен бир қатарда АҚШ делегациясының ағзалары ўәкиллик етип атырған жетекши штатлар – Небраска, Колорадо ҳәм Техас пенен бирге ислесиў бойынша жойбарлар ҳәм бағдарламалар додаланды.
Инновациялар ҳәм санаат технологиялары, IT тараўы, аўыл хожалығы, «жасыл» энергетика, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимледириўде кооперацияны жолға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў жуўмағында биргеликтеги «жол картасы»н таярлаў ҳәм исбилерменлик миссияларының өз-ара сапарларын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги