Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Түркменстан Президенти Ташкентке келди

2021-10-05 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов 4-октябрь күни рәсмий  сапар менен мәмлекетимизге келди.

Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Президент Шавкат Мирзиёев күтип алды. Гурбангули Бердимуҳамедов  мәмлекетимиз басшысы менен биргеликте Мустақиллик майданына барып, Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.

Соң Түркменстан делегациясы өзи ушын ажыратылған резиденцияға жол алды. Сапардың тийкарғы ўақыялары 5-октябрь күни Көксарай резиденциясында болып өтеди. 

Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Гурбангули Бердимуҳамедов мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелерин додалайды.

Сөйлесиўлерде тийкарғы итибар саўда-экономика, транспорт ҳәм транзит, энергетика тараўларындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў, санаат, аўыл ҳәм суў хожалығында кооперация жойбарларын алға қойыў, еки мәмлекет аймақлары арасындағы қатнасықларды жеделлестириў, мәдений-гуманитарлық алмасыў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыўға қаратылады. Мәмлекет басшылары, сондай-ақ, халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысады.

Сапар шеңберинде бир қатар еки тәреплеме илажлардың өткерилиўи нәзерде тутылған. Сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекет басшыларының Биргеликтеги билдириўи қабыл етилиўи, көп қырлы шерикликти жеделлестириўге қаратылған ҳүжжет ҳәм шәртнамалардың салмақлы топламына қол қойыў режелестирилген.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться