Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«Жипек жолы дүрданасы» Ташкент халықаралық кинофестивалы қатнасыўшыларына
2021-09-28 | Сиясат
Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!
Қәдирли мийманлар!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бәринен бурын, «Жипек жолы дүрданасы» XIII Ташкент халықаралық кинофестивалының ашылыўы менен сиз, қәдирли қатнасыўшыларды – белгили актёрлар ҳәм режиссёрлар, операторлар ҳәм художниклер, продюсерлер, кинотаныўшы илимпазлар, белгили мәденият ғайраткерлерин шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Шығыс дәрўазасы, гөззал Ташкент қаласына, әййемги ҳәм бийтәкирар Өзбекстан елине хош келдиңиз!
Бүгинги глобал дүньяда ең ғалабалық ҳәм тәсиршең көркем өнер түри болған киноның жер жүзиндеги ҳәр қыйлы халықлар ҳәм мәдениятларды өз-ара жақынластырыў, тынышлық, дослық ҳәм гуманизм идеяларын үгит-нәсиятлаў бағдарындағы орны менен әҳмийети артып бармақта.
Биз қурып атырған жаңа Өзбекстанда дүньяның алыс ҳәм жақын мәмлекетлери менен барлық тараўлар қатарында мәдений тараўда да нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар берилмекте.
Өзиниң 50 жылдан аслам тарийхы ҳәм дәстүрлерине ийе болған Ташкент халықаралық кинофестивалы қайта тикленип, «Жипек жолы дүрданасы» деген ат пенен «Тынышлық, мәрипат ҳәм раўажланыў ушын» сүрени астында өткерилип атырған бул жолдағы үлкен әмелий қәдем болып есапланады.
Сөзсиз, дүньяның дерлик 50 мәмлекетинен 300 ден артық көркем өнер шеберлери, жәҳән кино жулдызлары қатнасып атырған бул әнжуман тараўдағы бүгинги раўажланыў процесслери, дөретиўшилик изленислер ҳәм тәжирийбелерди ҳәр тәреплеме таллап, бирге ислесиў перспективаларын белгилеп алыўда өзине тән қарым-қатнас орталығы, жас дөретиўшилер ушын шеберлик мектеби болып хызмет етеди.
Бир әсирден аслам бай тарийх ҳәм дәстүрлерге ийе болған өзбек кино көркем өнери өзиниң миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлардың үнлеслиги тийкарында жаратылған жетик шығармалары менен жәҳән кинематографиясында мүнәсип орын ийелейтуғыны сизлерге жақсы белгили.
Мәмлекетимизде кейинги ўақытта барлық тараўлар қатарында кинематография системасының раўажланыўына да баслы әҳмийет берилмекте. Дөретиўшилик еркинлиги, саламат дөретиўшилик бәсекиси, жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығы сыяқлы демократиялық принциплер бул тараўға да исенимли енгизилмекте.
Киностудиялардың материаллық-техникалық базасы ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў, оларға жеңилликлер ҳәм преференциялар бериў, жоқары талғамлы тамашагөйлердиң талапларына жуўап беретуғын көркем жетик картиналар жаратыў, жәмийетимизде кино көркем өнерин кеңнен ғалаба ен жайдырыў бағдарындағы жумыслар жаңа басқышқа көтерилмекте.
Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!
Бүгинги күнде жеделлик пенен өзгерип атырған дүньяда социаллық реаллыққа, соның ишинде, мәденият ҳәм көркем өнерге көзқараслар ҳәм нормалар тынымсыз жаңаланып баратырғаны ҳәммемиз ушын белгили ҳақыйқат. Бул процесслер турмысты бир тутас түрде, барлық қарама-қарсылық ҳәм қыйыншылықлары менен ҳақыйқый сәўлелендиретуғын кинематографияның раўажланыўына да өзиниң тәсирин көрсететуғыны тәбийғый, әлбетте.
Қайта тикленген, өзиниң тарийхында жаңа бет ашып атырған Ташкент халықаралық кинофестивалы заманның өзи талап етип атырған мине усындай жоқары көркем өлшемлер руўхында болып өтетуғынына исенемен.
XIII Ташкент халықаралық кинофестивалы көп миллетли Өзбекстан халқы ушын ҳақыйқый көркем өнер байрамына айланып, жаңа ат ҳәм талантларды жүзеге шығарады, кинодөретиўшилер ҳәм кино ықласбентлериниң ядында жарқын тәсирлер қалдыратуғынына исенемен.
Сизлер фестиваль шеңберинде мәмлекетимиздиң ески ҳәм заманагөй қалаларында болып, ҳәр қыйлы тараў ўәкиллери менен ушырасып, Жаңа Өзбекстандағы кең көлемли өзгерислерден тиккелей хабардар боласыз, деп ойлайман.
Сиз, әзизлерди және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлап, ҳәммеңизге саў-саламатлық, дөретиўшилик жетискенликлер, фестиваль жумысына болса табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги