Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

«Орайлық Азия – Дүнья цивилизациялары кесилиспесинде» халықаралық мәденият форумы қатнасыўшыларына

2021-09-16 | Сиясат

Әзиз дослар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, «Орайлық Азия-дүнья цивилизациялары кесилиспесинде» халықаралық мәденият форумының Сиз, ҳүрметли қатнасыўшыларын шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-юбилей сессиясында бул Форумды өткериў бойынша Өзбекстан Республикасының басламасын қоллап-қуўатлағаны ушын Бас хаткер Антониу Гутерриш мырзаға ҳәм Форумды биргеликте шөлкеместириўге әмелий жәрдем берген ЮНЕСКО бас директоры Одри Азуле ханымға айрықша миннетдаршылығымды билдиремен.

Сақаўатлы Өзбекстан жерине, әййемги Хийўа қаласына хош келдиңиз!

Қәдирли мийманлар!

Уллы Жипек жолы кесилиспесинде жайласқан Орайлық Азия регионы әсирлер даўамында ҳәр қыйлы халықлар ҳәм цивилизациялар арасындағы байланысларды раўажландырыўда оғада әҳмийетли орын ийелеп киятырғанын дүнья жәмийетшилиги жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.

Буннан үш мың жыл бурын регионда дәслепки қалалар ҳәм мәмлекетшиликтиң пайда болыўы бул аймақта жаңа турмыслық түсиниклер ҳәм философиялық  қараслардың, илим, атап айтқанда, медицина ҳәм астрономия, география ҳәм математика, геодезия, архитекторлық тараўларының, мәдений-ағартыўшылық ҳәм диний қәдириятлардың жедел раўажланыўына тийкар жаратты.

Регионымыздың әййемги илим, мәденият ҳәм цивилизация орайлары ҳаққында сөз болғанда Самарқанд ҳәм Бухара, Ўтрор ҳәм Хўжанд, Мары ҳәм Ош сыяқлы онлаған қалалар көз алдымызда пайда болады. Соның менен бирге, Ал-Хорезмий, Аҳмад Фарғоний, Әбу Райхан Беруний, Әбу Әли ибн Сино, Маҳмуд Замахшарий, Әбу Наср Фарабий, Мырза Улығбек сыяқлы уллы илимпазлар, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридий, Бурхониддин Марғиноний, Абуль Муъин Насафий, Нажмиддин Кубро сыяқлы уллы ойшыллар, Камол Хўжандий, Абдураҳман Жамий, Әлийшер Наўайы, Бабур Мырза, Махтумқулы, Абай, Тохтағул, Бердақ сыяқлы белгили шайырлар, Шарафиддин Али Яздий, Мирхонд, Хондамир сыяқлы тарийхшылар, Маҳмуд Музаҳҳиб, Камолиддин Беҳзод сыяқлы сүўретшилер, көплеген хаттот ҳәм сәзенделер, музыкатаныўшы ҳәм архитекторлардың атларын тилге алыўымыз тәбийғый.

Бул халықаралық форум регионымыздың әййемги ҳәм нәўқыран қалаларынан бири – еки мың жыллық даңқлы тарийхқа ийе болған Хийўада өткерилип атырғанында өзине тән символикалық мәни жәмленген.

Бүгинги форум Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм халықлары арасында дослық ҳәм бирге ислесиў, жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыўда әҳмийетли роль атқарады. Соның менен бирге, регион халықларының дүнья цивилизациясына қосқан үлкен үлеслерин және де түсиниў ҳәм үйрениўге имканият береди.

Бул халықаралық мәденият форумы шеңберинде Хийўа қаласында ЮНЕСКО менен биргеликте Мәдений мийрас мәселелери бойынша халықаралық мәсләҳәт комитети кеңесиниң мәжилиси, Халықаралық түркий мәденият шөлкеми (ТУРКСОЙ) мәденият министрлериниң гезектеги мәжилиси, Нөкис қаласында «Археология ҳәм туризм: потенциалды белгилеў ҳәм мийрастан пайдаланыў» халықаралық археология әнжуманы және II Халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалы, Ташкент қаласында Өзбекстан мәдений мийрасын сақлаў, үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша пүткил жер жүзилик жәмийетиниң V Халықаралық конгрессиниң өткерилиўин биз, мине, усы жылдағы әҳмийетли әмелий қәдемлер сыпатында тән аламыз.

Ҳүрметли дослар!

Биз регионымызда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, мәдений-гуманитарлық тараўларды раўажландырыўға хызмет ететуғын кең көлемли жойбарларды буннан былай да даўам еттиремиз. Бул ийгиликли мақсетке тек ғана өз-ара биргеликте, ҳәрекетлеримизди бирлестирген ҳалда ерисе аламыз. Орайлық Азияның тарийхый ҳәм мәдений уқсаслығы, халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиздиң улыўмалық қәдириятлары абадан келешекти қурыўымыз ушын беккем тийкар болып есапланады.

Бүгин биз Жаңа Өзбекстанда илим ҳәм мәденият тараўында алып барып атырған түп-тийкарғы реформалар арқалы жаңа Ояныў – Үшинши Ренессанс дәўирине тырнақ жаратыўға бел байлағанбыз. Бул бойынша биз дүнья жәмийетшилиги менен, Сизлердей көзге көринген илим ҳәм мәденият ғайраткерлери менен тығыз бирге ислесиў қатнасықларын әмелге асырыўдан мәпдармыз.

Әнжуманымыздың барлық қатнасыўшыларына, беккем денсаўлық, Орайлық Азияның бийтәкирар мәденияты ҳәм көркем өнери, илим, материаллық ҳәм материаллық емес мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў жолында күш-ғайрат ҳәм жаңа жетискенликлер яр болыўын тилеймен.

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться