Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери телефон арқалы сөйлести
2021-09-14 | Сиясат
14-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Өзбекстан менен Россия арасындағы көп қырлы бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды. Аўғанстанда жүзеге келип атырған жағдайды есапқа алған ҳалда регион күн тәртибиндеги мәселелер бойынша пикир алысылды.
Сондай-ақ, Президентлер болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың режесин көрип шықты.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги