Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ҒМДА шеңберинде ҳуқықый мәлимлеме алмасыў ушын бирден-бир электрон платформа жаратылмақта
2021-08-18 | ҒМДА
2020-жыл 18-декабрьде болып өткен ҒМДА мәмлекет басшыларының саммитинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен өз-ара ҳуқықый жәрдем көрсетиў тараўында координацияны күшейтиў ҳәм ҳуқықый мәлимлеме алмасыў ушын Бирден-бир электрон платформаны жаратыў басламасы алға қойылды.
Мәмлекетимиз басшысының усы басламасын әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте мәлимлеме алмасыў ушын Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының Бирден-бир электрон платформасын жаратыў бойынша концепция таярланып, буннан былай да жетилистириў ушын ҒМДА Атқарыў комитетине жиберилди.
Усы концепция жойбарын келисиў бойынша экспертлер топарының мәжилиси Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң басшылығында видеоконференция тәризинде өткерилди.
Илаж ҒМДА Атқарыў комитети тәрепинен шөлкемлестирилген болып, онда Өзбекстан Республикасы министрликлери ҳәм уйымларының экспертлери менен бир қатарда Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан Республикалары, Россия Федерациясы, сондай-ақ, ҒМДА Атқарыў комитети ҳәм тармақтың бирге ислесиў уйымларының ўәкилликли ўәкиллери менен экспертлери қатнасты.
Ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиў руўхында өткен мәжилис ўақтында тәреплер концепция жойбарының тексти бойынша пикир алысты.
Тәреплер концепция жойбарын қоллап-қуўатлады ҳәм өз-ара ҳуқықый жәрдем көрсетиў тараўында электрон ҳүжжетлердиң алмасыўын әмелге асырыў имканиятын беретуғын ҳуқықый мәлимлеме алмасыў ушын ҒМДА Бирден-бир электрон платформасы өз ўақтында жаратылып атырғаны да мақсетке муўапықлығына байланыслы исенимли пикир билдирди.
Мәжилис жуўмақлары бойынша тәреплер эксперт топарының кейинги мәжилисинде концепция жойбарын буннан былай да жетилистириў бойынша анық усынысларды бериў, додалаўлар тийкарында ҳүжжетти жетилискен ҳалға келтириўге келисип алды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги