Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти бир қатар сырт еллердиң басшылары менен телефон арқалы сөйлести
2021-07-26 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни бир қатар сырт еллердиң жетекшилери менен телефон арқалы сөйлести.
Атап айтқанда, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев, Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимаҳамедов, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомомали Раҳмон, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен сөйлесиўлер болып өтти.
Олар мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, Өзбекстанның көп миллетли халқына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Елимизде социаллық-экономикалық реформалар ҳәм демократиялық жаңаланыўлардың жаңа бағдарламасын әмелге асырыўдағы жетискенликлер, халықаралық майданда елимиз абырайының беккемленип баратырғаны айрықша атап өтилди.
Өткен ҳәптеде Ташкент қаласында табыслы өткерилген Орайлық ҳәм Қубла Азия байланыслылығын раўажландырыў бойынша халықаралық конференцияның пайдалы нәтийжелери жоқары баҳаланды.
Еки тәреплеме бирге ислесиў ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер, соның ишинде, Аўғанстан бойынша жүзеге келип атырған жағдай додаланды.
Россия Президенти Владимир Путин Шавкат Мирзиёев белгили мәмлекетлик ғайраткер, өз елиниң ҳақыйқый жетекшиси сыпатында ўатанласларының мүнәсип ҳүрмет-иззетине ҳәм халықаралық майданда жоқары абырайға ийе болғанын атап өтти.
Президентимиздиң мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын, ҳәр қыйлы бағдарларда пайдалы еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан жеке үлесиниң теңсиз екени атап өтилди. Биргеликтеги ҳәрекетлер менен Россия-Өзбекстан байланысларының пүткил көлеминиң және де кеңейетуғынына исеним билдирилди.
Телефон арқалы сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Жоқары дәрежедеги илажлар режеси додаланды.
Мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жедел пәтлер менен раўажланып атырғанлығы, бәринен бурын, өз-ара товар алмасыўдың турақлы артып баратырғаны, экономикалық тармақларда биргеликтеги кооперациялық жойбарлар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларының табыслы әмелге асырылып атырғанлығы қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өзбекстанда коронавирусқа қарсы вакциналар ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги қуўатлықларды тез пурсатта иске қосыў зәрүр екени атап өтилди.
Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен сөйлесиўде еки тәреплеме күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша толық пикир алысылды.
Президентимиздиң исенимли басшылығында Өзбекстан өз регионында ерисип атырған алдыңғы қатардағы ролиниң күн сайын беккемленип баратырғанын Түркия үлкен қанаатланыўшылық пенен бақлап атырғаны ҳәм оны қоллап-қуўатланатуғыны айрықша атап өтилди.
Сиз, Уллы Мәртебели Мырза менен арамыздағы ҳақыйқый дослықты еллеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы көп әсирлик туўысқанлық байланысларынан күш алған жақынлықтың бир тымсалы деп билемен ҳәм оннан қуўанаман, деп атап өтти Түркия жетекшиси.
Кейинги жыллары Өзбекстан-Түркия көп қырлы бирге ислесиўиниң жедел раўажланыўына хызмет етип атырған өз-ара сөйлесиў ҳәм алмасыўлардың жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Пандемия ақыбетлерине қарамастан, усы жылдың басынан товар алмасыў еки есеге көбейди, 230 дан аслам жаңа биргеликтеги кәрхана шөлкемлестирилип, әҳмийетли мәдений-гуманитарлық бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Мәмлекет басшылары болажақ илажлар режесин көрип шықты және усы жылдың ақырына шекем елимиздеги жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң екинши мәжилисин өткериўге пуқта таярлық көриў зәрүр екенин атап өтти.
Қазақстанның Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен сөйлесиўде Өзбекстан-Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм кең көлемли бирге ислесиў қатнасықларын және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды. Тийкарғы бағдарларда биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламалардың әмелге асырылыўын даўам еттириў зәрүр екени атап өтилди.
Елбасы елимиз жетекшисиниң машақатлы мийнети ҳәм үлкен сиясий тәжирийбеси Өзбекстанның және де раўажланыўына, оның халықаралық абырайының жоқарылаўына хызмет етип атырғанын атап өтти.
Бүгин Өзбекстан өз мәмлекетшилигин беккемлеў, өз халқының абаданлығын арттырыў жолында жоқары шеклерди ийелеп атырғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Нурсултан Назарбаев елимиз Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында буннан былай да жедел раўажланыўы ҳәм үлкен мақсетлерге ерисиўде даўам ететуғынына исеним билдирди.
Россия Федерациясы Кеңеси Баслығы Валентина Матвиенко менен сөйлесиўде Өзбекстан-Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды. Еллеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў бойынша биргеликтеги жойбарларды алға қойыўға хызмет етип атырған жедел парламентлераралық алмасыўлардың жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Парламентлераралық аўқам ҳәм ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы шеңбериндеги тығыз ҳәм конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Матвиенко ханым Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң қарарлар қабыл етиўдеги беккем көзқарасы ҳәм нәтийжели мәмлекетлик сиясатты әмелге асырып атырғаны себепли Өзбестанда ҳәм оның сыртында мүнәсип ҳүрмет-итибарға ерискенин атап өтти.
«Республиканың ең жаңа тарийхы Сизиң атыңыз бенен тығыз байланысқан. Сизиң дана басшылығыңызда жәмийетлик жаңаланыўлар жолынан исенимли барылмақта. Миллетлераралық тилеклеслик ҳәм динлераралық татыўлықты беккемлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар шешилип, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўға қаратылған кең көлемли рефомалар избе-из әмелге асырылмақта. Адамлар ҳәм олардың келешегине турақлы ғамхорлығыңыз бенен «Халық бай болса, мәмлекет те бай болады» деген принциптиң ҳақыйқат екенинин әмелде дәлиллеп атырсыз», – деп атап өтти Россия Федерациясы Кеңесиниң Баслығы.
Шавкат Мирзиёев ҳәм Гурбангулы Бердимуҳамедов Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин көрип шықты.
Түркменстан жетекшиси елимиздиң сиясий, социаллық-экономикалық раўажланыўдағы табыслары, халықаралық майданда артып баратырған абырайы менен тән алынып атырған Өзбекстанның заманагөй тарийхы Шавкат Мирзиёевтиң аты менен тығыз байланыслы екенин атап өтти.
«Сиз жанажан халқыңыздың мәплерин қорғаўға, улыўма миллий мақсетлер менен бағдарламаларды әмелге асырыўға өзиңизди бағышладыңыз. Ўатанға садық хызметиңиз жоқары ҳүрметке ылайықлы», – деп атап өтти Түркменстан Президенти.
Мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў, бәринен бурын, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда жедел раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссияның гезектеги мәжилисин өткериўге келисип алынды.
Президентлер усы жыл 6-август күни «Аваза» миллий туризм аймағында өткерилетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў мәселесине айрықша тоқтап өтти. Болажақ илаждың күн тәртиби ҳәм бағдарламасы бойынша пикир алысылды.
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен сөйлесиўде мәмлекет басшылары еки ел арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў, бәринен бурын, оларды жаңа жойбарлар ҳәм бағдарламалар менен байытыў зәрүр екенин атап өтти.
Президентимиз мәмлекет ҳәм халық мәплери жолындағы тынымсыз хызмети, сиясий данышпанлығы ҳәм ерк-ықрары менен ўатанласларымыз арасында жоқары абырайға ҳәм халықаралық жәмийетшиликте теңсиз ҳүрметке миясар болғаны айрықша атап өтилди.
Қазақстан басшысы Өзбекстан Шавкат Мирзиёевтиң жетекшилигинде турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, халқымыздың абаданлығын арттырыў, Ташкенттиң халықаралық майдандағы имиджин беккемлеўге қаратылған кең көлемли сиясий ҳәм социаллық-экономикалық жаңаланыўлар жолын даўам еттирип атырғанын атап өтти.
Сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги еки ҳәм көп тәреплеме илажларға, соның ишинде, август айының басында Түркменстанда өткерилиўи режелестирилген Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў мәселелери көрип шығылды.
Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон менен сәўбетте усы жылдың 10-11-июнь күнлери Тәжикстан Республикасына рәсмий сапардың жуўмақлары бойынша қабыл етилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Президент Эмомали Раҳмон мәмлекетимиз басшысы дос Өзбекстан Президентиндей жоқары лаўазымда елимиз турақлы сиясий, экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўды тәмийинлеўге теңсиз үлес қосып атырғаны ҳәм Ўатанның раўажланыўы жолындағы уллы мақсетлерге пидәкерлик хызмет етиўдиң айқын үлгисин көрсетип атырғанын атап өтти.
«Елиңизде кейинги жыллары жүз берип атырған кең көлемли жаңаланыўлар Сизиң атыңыз бенен байланыслы. Тәжикстан-Өзбекстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеўге де салмақлы үлес қосып атырсыз», – деп атап өтти Эмомали Раҳмон.
Келеси айдың басында Түркменстанда регион мәмлекетлери басшыларының гезектеги мәсләҳәт ушырасыўын және усы жылы сентябрь айында Тәжикстанда Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң саммитин өткериўге таярлық мәселеси додаланды.
Президент Садир Жапаров Шавкат Мирзиёевтиң ақылға уғрас ҳәм терең ойланған басшылығы себепли Өзбекстан Республикасы халқының турмыс дәрежесиниң жоқарылағаны, мәмлекет экономикасының және де раўажланып атырғанын атап өтти.
Елимиз жетекшисиниң тынымсыз ҳәрекети нәтиийжесинде Өзбекстан халықаралық дәрежедеги абырайын беккемлеп атырғаны, тығыз бирге ислесиўди күшейтиўге көмеклесип атырғаны атап өтилди.
Қырғызстан басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы регионаллық бирге ислесиўдиң беккемлениўине қосып атырған жеке үлесин жоқары баҳалады.
Усы жылы 11-12-март күнлери Ташкент қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Қырғызстан саммити даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Энергетика, транспорт, машина қурылысы, фармацевтика ҳәм басқа да тармақлардағы биргеликтеги жойбарларды жедел алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
* * *
Президент Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт еллер, ҳүкиметлер ҳәм парламентлердиң басшылары, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерден қутлықлаўлар келген.
Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин өз қутлықлаўында кейинги жыллары Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны, Жаңа Өзбекстанды қурыў жеделлесип атырғаны ҳәм Қытай буннан шын кеўилден қуўанышлы екенин атап өткен.
Қытай жетекшиси Қытай-Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратып атырғанын ҳәм оларды еки мәмлекет ҳәм халық абаданлығы жолында және де жоқары дәрежеге алып шығыўы ушын Президентимиз бенен биргеликте исенимли түрде бир ислесиўге таяр екенин билдирген.
Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Ин өзиниң хатында усы жылы январь айындағы онлайн саммит нәтийжесинде ерисилген келисимлердиң турақлы әмелге асырылып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
«Еллеримиз айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыўда даўам етпекте және халықаралық жәмийетшиликтиң инклюзив жасыл тиклениў ҳәм углерод нейтраллыққа ерисиў бағдарындағы ҳәрекетлерине биргеликте қосылмақта» делинеди хатта.
Төмендегилер де қызғын қутлықлаўлар жоллаған:
Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси
Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиев
Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко
Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин
Россия Федерациясы Қәўипсизлик кеңеси Баслығының орынбасары Дмитрий Медведев
Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, Президент ислери бойынша министри Мансур бин Зоид Ол Наҳаён
Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри Сайф бин Зоид Ол Наҳаён
Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткер Сергей Лебедев
Евраазия экономикалық комиссиясы коллегия баслығы Михаил Мясникович
Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң бас хаткери Бағдад Әмреев.
Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги