Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев Қазақстан Бас министриниң орынбасары – сыртқы ислер министрин қабыллады
2021-07-16 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық байланыслылық. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» атамасындағы халықаралық конференция илажларында қатнасып атырған Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – сыртқы ислер министри Мухтар Тлеубердини қабыллады.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Сыртқы ислер министри Мухтар Тлеуберди мәмлекетимиз басшысына Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаевтың сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Болажақ жоқары дәрежедеги илажларға таярлық көриў, сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы экономикалық кооперация жойбарлары ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў бағдарламаларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Аўғанстандағы жағдайдан келип шығып регион күн тәртибиндеги мәселелер ҳәм август айының басында Түркменстанда өткерилетуғын гезектеги Орайлық Азия еллери жетекшилериниң Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық мәселеси көрип шығылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги