Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Түркия делегациясын қабыл етти
2021-06-28 | Сиясат
28-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен мәмлекетимизде болып турған Түркия Республикасының вице-президенти Фуат Октайды қабыл етти.
Еки мәмлекеттиң әмелий бирге ислесиўин және де кеңейтиў ҳәм жетекши кәрханалар менен компаниялардың жаңа кооперация жойбарларын алға қойыў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан – Түркия дослық, исеним ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежедеги турақлы ҳәм пайдалы сөйлесиў себепли ерисилген бүгинги дәрежени жоқары баҳалады.
Өз гезегинде, вице-президент Фуат Октай жыллы қабыллаў ушын Өзбекстан жетекшисине миннетдаршылық билдирди ҳәм Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди. Түркия компаниялары менен инвесторларының мәмлекетимиздеги жумысына көрсетилип атырған үлкен жәрдеми ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.
Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң раўажланыў пәти ҳәм пандемия ақыбетлерин жеңип өтиў бағдарында көрилип атырған илажлар айрықша атап өтилди.
Атап айтқанда, жыл басынан түрли дәрежелердеги алмасыў ҳәм сөйлесиўлер жеделлести, өз-ара саўда көлеми ҳәм қоспа инвестициялық жойбарлардың саны артып бармақта. Бүгин болып өткен қоспа Ҳүкиметлераралық комиссияның илажлары ҳәм бизнес ўәкиллериниң қатнасыўындағы исбилерменлик бағдарламаның жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Ташкент қаласында өтетуғын Стратегиялық бирге ислесиў кеңеси екинши мәжилисиниң күн тәртибин ҳәр тәреплеме таярлаў әҳмийетли екени атап өтилди. Булар, бәринен бурын, товар алмасыў ҳәм кооперация көлемин арттырыў. Преференциал саўда ҳаққындағы келисимди қабыл етиў, қоспа санаат зонасын шөлкемлестириў, Түркияның алдынғы тәжирийбеси, билим ҳәм технологияларын жедел тартқан ҳалда санластырыў, билимлендириў ҳәм экономиканың басқа тармақларындағы бағдарламаларды алға қойыў мәселелери болып есапланады.
Регионаллық шериклик ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги