Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм БАӘ арасында инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў жоллары көрип шығылды
2021-06-15 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-июнь күни Бирлескен Араб Әмирликлери Ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммед бин Абдуллоҳ ал-Гаргавий басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Көп қырлы Өзбекстан-БАӘ қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы жоқары дәрежедеги келисимлердиң әмелге асырылыўы нәтийжесинде еллеримиздиң өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўинде ерисилген ҳәзирги дәрежени жоқары баҳалады.
Муҳаммед ал-Гаргавий, өз гезегинде, мәмлекетимиз басшысыныа БАӘ Президенти Шайх Халифа Ол Наҳаён, Абу-Даби Әмирлиги мийрасхоры, БАӘ Қураллы Күшлери Жоқары Бас Сәркардасының орынбасары Шайх Муҳаммед Ол Мактумның сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Ушырасыўда альтернатив энергетиканы раўажландырыў ҳәм энергетика объектлерин модернизациялаў, заманагөй агросанаат кластерлерин шөлкемлестириў, исбилерменликке байланыслы басламаларды қоллап-қуўатлаў ушын инвестициялық компанияның жумысын жолға қойыў бойынша жойбарлар және бир қатар әҳмийетли социаллық бағдарламалардың избе-из әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилди.
Мәмлекетлик басқарыў системасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм маман қәнигелер таярлаў, күни кеше Ташкент қаласында ашылған Социаллық-экономикалық реформалар акселераторы офисиниң жумысын шөлкемлестириў бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириў зәрүр екени атап өтилди.
Министр Муҳаммед ал-Гаргавий БАӘ инвесторларының елимиздеги жумысына көрсетилип атырған ҳәр тәреплеме жәрдем ушын, сондай-ақ, Өзбекстан Дубай қаласындағы «Экспо 2021» пүткил жер жүзилик көргизбесин қоллап-қуўатлап атырғаны ҳәм онда қатнасыўға таяр екенлиги ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Әмирликлер тәрепи Өзбекстан Президентиниң Аралбойы регионында экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағын жаратыў басламасын әмелге асырыў шеңберинде жаңа жойбарлық усынысын берди.
Ушырасыў соңында Әмирликлердиң мәмлекетлик басқарыў тараўындағы, узақ мүддетли жаңаланыўлар бағдарламасын қәлиплестириў ҳәм инновациялық раўажланыў жолына өтиў бағдарындағы алдыңғы тәжирийбесин кеңнен енгизиўге қаратылған биргеликтеги «жол картасы»н қабыл етиў бойынша келисимге ерисилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги